25-июль күни Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң он тоғызыншы сессиясы болып өтти.

Оған Өзбекистан Республикасы Олий Мәжлиси Нызамшылық палатасының депутатлары ҳәм Сенат ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Халық депутатлары қалалық Кеңесиниң депутатлары, сиясий партиялардың, министрликлердиң, шөлкемлердиң, кәрханалардың, ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары қатнасып, сессия қатнасыўшыларына Президентимиз Ш.М.Мирзиёевтың басшылығында усы жылдың 12-июль күни Олий Мажлис палаталары, сиясий партиялар ҳәм Өзбекистан Экологиялық ҳәрекети ўәкиллери менен өткерилген видеоселектор мәжилисиндеги «Парламентимиз ҳақыйқый демократия мектебине айланыўы, реформалардың басламашысы ҳәм тийкарғы орынлаўшысы болыўы керек» атамасындағы баянаты монитор арқалы қойып берилди.

Сессияда бул мәселе бойынша Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Қ.Бабашев баянат жасады.

Баянат бойынша бир қатар қатнасыўшылар шығып сөйлеп, олар сиясий партиялардың, Халық депутатлары қалалық Кеңестиң, жуўапкер шөлкемлердиң жумысларында ушырасып атырған кемшиликлер менен алда турған ўазыйпаларға кең түрде тоқтап өтти. Парламент ағзалары, сиясий партиялардың ўәкиллери көрсетилип атырған айрықша итибары ушын елимиз басшысына миннетдаршылық билдирип, мәжилисте ҳәр тәреплеме терең тийкарланып берилген әҳмийетли  ўазыйпаларды әмелге асырыў бойынша өз-ара аўызбиршиликте нәтийжели жумыс алып барыў ҳәм белгиленген мақсетлерге ерисиў депутатлық корпустың оғада жуўапкершиликли және мақтанышлы ўазыйпасы екенин атап өтти.

Буннан соң күн тәртибиндеги Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў саласында қалалық ишки ислер бөлими тәрепинен алып барылып атырған жумыслар ҳаққында Нөкис қалалық ишки ислер бөлиминиң баслығы Г.Сейтназаровтың, Халыққа медициналық хызмет көрсетиў бағдарында қалада алып барылып атырған жумыслар ҳаққында қалалық медицина бирлеспесиниң бас шыпакери Б.Жуманиязовтың, Жаслар менен ислесиў бағдарында алып барылып атырған жумыслар ҳаққында Нөкис қаласы ҳәкиминиң жаслар сиясаты, социаллық раўажланыў ҳәм руўхый ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары Е.Аллановтың есабатлары тыңланды.

Сессияға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

Сессияда көрилген мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.

Н.РЕЙПНАЗАРОВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.