Усы жыл 19-июнь күни Нөкисте “Адолат” социал-демократиялық партиясынан Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан Робахон Махмудованың қарақалпақстанлы сайлаўшылар менен ушырасыўы болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң ҳәм жергиликли Кеңеслердиң депутатлары, партия Орайлық аппаратының ҳәм  Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң хызметкерлери, партия белсендилери, жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Ушырасыўды талабанның исенимли ўәкили, партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы Нурлыбай Қайыпбергенов кирис сөз бенен ашты. Буннан кейин бас исенимли ўәкил Иномжон Кудратов ушырасыў қатнасыўшыларын талабанның өмири ҳәм мийнет жолы менен таныстырды.

Илажда “Адолат” социал-демократиялық партиясынан Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан Робахон Махмудова сөзге шығып, дерлик еки миллионға шамалас халық жасап атырған Қарақалпақстан Республикасында соңғы жыллары экономика, санаат, қурылыс, мәлимлеме-технологиялары менен бирге киши  бизнес ҳәм жеке исбилерменлик тараўлары жедел раўажланып, жаңа Өзбекстанның раўажланыў жолында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларға айрықша үлес қосып атырғанлығын атап өтти. Ушырасыў қатнасыўшыларын өзиниң сайлаўалды бағдарламасының әҳмийетли бағдарлары менен жақыннан таныстырды.

Атап өтилгениндей, бағдарламада алға қойылған идея ҳәм мақсетлер Өзбекстан “Адолат” социал-демократиялық партиясының бағдарламалық мақсетлерине ҳәр тәреплеме үнлес болып,  мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында әдиллик принциплерин турақлы тәмийиннлеўге хызмет етеди.

Атап айтқанда, талабанның бағдарламасында ҳуқықый мәмлекет қурыў, социаллық әдилликти орнатыў, миллий экономика, илим, инновациялар ҳәм билимлендириў тараўының турақлы өсимине ерисиў, халықтың саламатлығын ҳәр тәреплеме қорғаў, пуқаралық жәмийетин раўажландырыў, қоршаған орталықты қорғаў, ҳаял-қызлар ҳәм жаслардың сиясий белсендилигин арттырыў сыяқлы әҳмийетли ўазыйпалар алға қойылмақта.

–Мәлим болғанындай, жаңа редакциядағы Конституциямызда Өзбекстан дүньялық мәмлекет деп жәрияланды,–дейди өзиниң шығып сөйлеўинде Президентликке талабан Робахон Маҳмудова.–Биз усы конституциялық принципти әмелде толық жүзеге шығарыў, мәмлекетимизди ҳәр тәреплеме раўажландырыў жолынан барамыз.

Соның менен бирге, талабан өз сөзинде инсанлардың кескин бөлиниўине жол қоймайтуғын социаллық сиясат жүргизиўге де тоқтап өтти. Талабанның бағдарламасында дүньяның сиясий әмелиятында кең қолланылатуғын  социалық-демократиялық идеялар  – еркинлик, әдиллик, өзине тән миллийлигимиз халқымыздың менталитетине үйлескен ҳалда  берилгени өз көринисин тапқанлығы ушырасыў қатнасыўшыларында айрықша қызығыўшылық оятты. Қалаберди, Арал регионында жасаўшы көп миллетли қарақалпақ халқының тәғдири менен тығыз байланыслы болған экологиялық машқалаларға унамлы шешим табыў мәселелери де талабанның бағдарламасында алға қойылған.

Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы, партияның Жоқарғы Кеңестеги фракциясының басшысы Д.Қурбаниязов, Төрткүл районындағы Яшнабад мәкан пуқаралар жыйынының баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты О.Аллабергенова, партия белсендиси П.Хожабеков, Жаслар парламентиниң ағзасы Д.Ҳәкимбаевлар шығып сөйлеп, партиядан Президентликке көрсетилген талабанның сайлаўалды бағдарламасы туўралы өзлериниң пикирлерин билдирди.  Сондай-ақ, сөзге шыққанлар илаж қатнасыўшыларын болажақ сайлаўда партиядан көрсетилген талабанды қоллап-қуўатлаўға шақырды.

–Талабанның Сайлаўалды бағдарламасында алға қойылып атырған әдалатлы жәмийет ҳәм ҳуқықый мәмлекет қурыўда билимлендириў, илим ҳәм инновацияның әҳмийетин арттырыў, билимлендириў тараўында ислеўшилерди ҳәм илим менен шуғылланыўшыларды қоллап-қуўатлаў мәселелери менде айрықша қызығыўшылық оятты,-дейди партия белсендиси Палмурза Хожабеков. –Әсиресе, илимий изертлеўлерден алынған унамлы нәтийжелерди, медицина, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тараўларға енгизиў арқалы мәмлекеттиң экономикалық қүдиретин буннан былай да  беккемлеў оғада әҳмийетли мәселе. Бул болса илим – билимлендириў – өндирис системаларының өз ара байланысын тәмийинлеўге, мәмлекетимиздиң буннан былай да раўажланыўына хызмет етеди.

Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан Робахон Махмудова ушырасыў қатнасыўшыларын қызықтырған сораўларға жуўап берди.










Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери