XIX әсирде жасап, дөретиўшилик еткен уллы шайыр Бердақ (Бердимурат) Ғарғабай улы өзинен бийбаҳа мийрас қалдырған тарийхый тулғалардың бири болып есапланады. Ол өз дәўиринде халықты бирлестирип, зорлық-зомбылықларға қарсы турып, айырым нәкас инсанларды әшкаралап, халықты аўызбиршиликли болыўға шақырған. Ағартыўшылыққа, келешек әўладлардың билим алыўы ушын бар күш-жигерин жумсаған. Бул оның поэзиялық дөретпелеринде өз сәўлелениўин тапқан.
Быйыл қарақалпақ әдебиятының үлкен байтереги Бердақ 190 жаста. Усы мүнәсибет пенен 20-июль күни Өзбекистан Қаҳарманы, Олий Мажлис Сенатының ағзасы Ғ.Хожаниязовтың басшылығында «Бердақ дәўириндеги билимлендириў орынлары ҳәм тарийхый жер атамалары» темасында Қараөзек районы аймағындағы XVII әсирге тийисли «Қабақлы ата» зыярат етиў орнына экспедиция шөлкемлестирилди.
Оған белгили дөретиўшилер, илимпазлар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Экспедиция ағзалары дәслеп XVII әсирге тийисли «Қабақлы ата» қойымшылығын зыярат етти.
Илаж шеңбериндеги Экспедицияның «Қабақлы ата» қойымшылығына шөлкемлестирилиўи де тегин емес, әлбетте. Себеби, бул жерде Бердақ бабамыздың қызы Ҳүрлиман бақсы ҳәм ақлығы Қаражан бақсы, Жийен жыраў Аманлық улы, Бердақ пенен заманлас Өтеш шайыр Алшынбай улы жерленген.
Экспедия ағзалары сондай-ақ, Бердақ дәўириндеги билимлендириў орынлары есапланған Әбдикерим ҳәм Бекпан Ахунлар медиресинде зыярат етти. Ғалаба хабар қуралларына белгили илимпазлар тәрепинен усы естеликлерге байланыслы мағлыўматлар берилди.
Ч.ЕЛМУРАТОВ,
Қарақалпақстан хабар агентлиги