«Халық мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек» деген принципти әмелде жүзеге шығарыў мақсетинде 22-июль күни Кегейли районында Өзбекистан Республикасы Президентиниң Халық қабыллаўханасы тәрепинен көшпели қабыллаў шөлкемлестирилди.

Илажды Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.

Көшпели қабыллаўда Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасындағы ҳәм Кегейли районындағы Халық қабыллаўханаларына келип түскен 30 ға шамалас мүрәжатлар тараў басшыларының қатнасында көрип шығылды.

Көтерилген машқалалар тийкарынан халықтың бәнтлиги, жаңа жумыс орынларын жаратыў, турақ жай қурыў ушын жер участкаларын ажыратыў, коммуналлық хызмет көрсетиў, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, банк-кредит, пенсия тәмийнаты ҳәм нәпақалар, исбилерменликке  байланыслы мәселелер болып, олардың көпшилиги сол жердиң өзинде унамлы шешимин тапты.

Илажда барлық тараўларда нызамшылықты тәмийинлеў, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, кәсип-өнер колледжи питкериўшилерин жумыс пенен тәмийинлеў, инсан ҳуқықларын ҳәм мәплерин қорғаў бағдарындағы жумыслар бойынша  мәпдар шөлкемлердиң басшыларының халық алдындағы есапларын тыңлаў системасын жетилистириў  зәрүрлиги атап өтилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги