Усы жыл 22-июль күни Нөкисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он алтыншы сессиясы болып өтти.
Сессия жумысына Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Ҳүкиметиниң ағзалары, ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Т.Ерниязов басқарып барды.
Дәслеп депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.
Сессияда депутатларға усы жыл 12-июль күни Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси палаталары, сиясий партиялар, Өзбекистан Экологиялық ҳәрекети, халық депутатлары ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық кеңеслердиң жумысын талқылаў және алдағы ўазыйпаларға бағышланған видеоселектор мәжилисинде Президентимиздиң «Парламентимиз ҳақыйқый демократиялық мектепке айланыўы, реформалардың баслаўшылары ҳәм тийкарғы атқарыўшысы болыўы керек» атамасындағы баянаты экран арқалы қойып берилди.
Буннан соң, Жоқарғы Кеӊес Баслығы М.Ерниязов Президентитимиздиң өз баянатында сиясий партиялардың, сондай-ақ, депутатлардың белсендилигин арттырыў, оларға кең имканиятлар жаратыў бойынша оғада әҳмийетли ўазыйпаларды белгилеп бергенин, сондай-ақ, бул тарийхый әҳмийетке ийе баянаты өзиниң бай турмыслық тәжирийбеге және терең билимге тийкарланғанын, сиясий партиялар менен депутатлардың жумыслары толық және ҳәр тәреплеме үйренилгенин айрықша атап өтти.
Шынында да бүгинги күнде елимизде, ҳәр биримиздиң көз алдымызда жүз берип атырған өзгерислер менен жаңаланыўларға үлес қосыў ушын депутатлардан айрықша белсендилик талап етиледи.
Президентимиз тәрепинен қабыл етилген бир қатар пәрман ҳәм қарарлар халқымыздың турмысы ҳәм елимиздиң келешеги менен байланыслы кең көлемли ийгиликли ислерге тийкар болмақта. Атап айтқанда, Аралбойы регионы бойынша усы жыл 18-январь күни қабыл етилген қарар тийкарында регионда 2017-2021-жыллар ушын 8,4 триллион сумлық жумыслар баслап жиберилди.
Бул ең дәслеп денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, мәденият тараўларын жаңа басқышқа көтериў, халықты социаллық қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеў, инвестициялар алып келиў, исбилерменликти раўажландырыў сыяқлы мәселелерде өз көринисин таппақта.
Буннан тысқары, Мойнақ районын 2017-2018-жылларда экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша арнаўлы қарар тийкарында 52 миллиард сумлық 72 жойбарды әмелге асырыў ҳәм халқымыз ушын жаңа жумыс орынларын жаратыў ўазыйпалары белгиленип, бул ийгиликли ислер бүгин көз алдымызда турмыс ҳақыйқатлығына айланып бармақта.
Сондай-ақ, усы жыл 1-июль күни «Қоңырат-Мойнақ магистраль суў тармағы» район халқының ийгилигине тапсырылып, бүгинги күнде район халқы таза ишимлик суўынан пайдаланбақта. Районда исбилерменликти раўажландырыў мақсетинде 20,5 гектар майданда «Мойнақ» киши санаат зонасын шөлкемлестириў жумыслары даўам етпекте.
Соның менен бирге, республикамыздың Қараөзек районындағы жылына 200 мың тонна цемент таярлайтуғын «Қарақалпақ цемент» кәрханасының биринши басқышы иске түсирилди. Бул заводтың екинши басқышы пайдаланыўға тапсырылыўы нәтийжесинде кәрханада жылына 450 мың тонна цемент ислеп шығарылады. Сондай-ақ, усы районда «Титан цемент» кәрханасында жыллық қуўатлылығы 200 мың тонна цемент ислеп шығарыў жойбары бойынша 17 миллион долларға тең инвестициялар өзлестирилип, кәрхананы усы жылдың үшинши шерегинде иске қосыў режелестирилмекте. Усылар менен бир қатарда, Беруний районындағы жылына 350 мың тонна цемент ислеп шығаратуғын «Шаббаз абат цемент» қоспа кәрханасында 24 миллион долларға тең сырт ел инвестициялары киргизиледи.
Президентимиздиң республикамызға сапары даўамында аймақтағы социаллық-экономикалық жақтан буннан былай да раўажландырыў бойынша белгилеп берген ўазыйпалары өткен қысқа ўақыттың ишинде-ақ өз нәтийжелерин бермекте. Соның ишинде, пайтахтымыздағы И.Юсупов атындағы мектепти, жойбарлаў баҳасы 19 миллиард сум болған, 150 дана комплект трансформатор подстанциясын ислеп шығаратуғын кәрхананы 1-сентябрь сәнесине пайдаланыўға тапсырыў бойынша жедел жумыслар алып барылып атырғанын айрықша атап өтиў орынлы.
Президентимиздиң 12-июльдеги ушырасыўынан соң Олий Мажлис Нызамшылық палатасының жумысшы топары қала ҳәм районларымызда болып, депутатлар арасында ушырасыў өткерип, сиясий партиялардың жумыслары менен жақыннан танысты.
19-июль күни үлги етип белгиленген халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң сессиясы өткерилип, онда Президентимиздиң баянатынан келип шығатуғын ўазыйпалар белгиленди ҳәм бир қатар тараў басшыларының есаплары тыңланды.
Сессияда Президентимиздиң баянатында атап көрсетилген кемшиликлер ҳәм алда турған ўазыйпалар ҳаққында Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Спикери Н.Исмаилов кең түрде шығып сөйледи.
Бул мәселе бойынша Өзбекистан Халық демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы Х.Ешимбетов, Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекистан Либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы С.Турманов, Өзбекистан «Миллий тикланиш» партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы Т.Романов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов шығып сөйледи.
Депутатлар бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етти.
Сессияның күн тәртибиндеги екинши мәселе – Ҳуқықбузарлықлардың профилактикасы ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў тараўында Ишки ислер министрлиги тәрепинен алып барылып атырған жумыслар ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри А.Темирхановтың баянаты тыңланды.
Сораў-жуўаплардан соң сессия тийисли қарар қабыл етти.
Буннан соң халыққа медициналық хызмет көрсетиў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри Д.Ходжиев баянат жасады. Сессияда бул мәселе бойынша да тийисли қарар қабыл етилди.
Сессияда Жаслар менен ислесиў тараўында алып барылып атырған жумыслар ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары М.Жуманов баянат жасады ҳәм бул бойынша тийисли қарар қабыл етилди.
Депутатлар Жоқарғы Кеңес Президиумы тәрепинен сессиялар аралығында қабыл етилген қарарларды тастыйықлады ҳәм қарар қабыл етти.
Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он алтыншы сессиясы өз жумысын жуўмақлады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги