Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 8-май күни Олий Мажлис палаталары, сиясий партиялар, суд ҳәм атқарыўшы ҳәкимият уйымларының басшылары ҳәм жәмийетшилик белсендилери менен сөйлести. Онда жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасы Конституциясын қабыллаў бойынша быйыл 30-апрельде болып өткен референдум жуўмақлары ҳаққында сөз болды.

Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде жаңаланған Конституциямызда барлық қатлам мәплериниң инабатқа алынғанлығы, оны ислеп шығыўда халықтың белсене қатнасқанлығы сондай-ақ, референдум арқалы қабыл етилгенлиги бул ҳүжжеттиң ҳақыйқый халық Конституциясы болғанынан дәрек екенлигин атап өтти.

– Конституциямыздың жойбарын додалаўдан баслап оны қабыл еткенге шекемги дәўирде өткерилген улыўмахалықлық додалаўларда миллионлаған ўатанласларымыз белсене қатнасты. Усы көзқарастан қарағанда, жаңаланған Конституциямыздың ҳақыйқый авторы халқымыз болды, деп айтыўға барлық тийкарларымыз бар. Ең әҳмийетлиси, енди реформаларымыз жолынан ҳеш қашан артқа қайтпаймыз, «инсан-жәмийет-мәмлекет», деген жаңа система тийкарында тек ғана алға қарап барамыз,-деди Президент Шавкат Мирзиёев.

Дүньяда күннен-күнге жаңа сынақлар, қәўип-қәтерлер пайда болып атырған жағдайда Конституцияда Өзбекстан «суверен мәмлекет» сыпатындағы статусын беккемледи.

– Усындай қурамалы жағдайда, ҳәр бир исимизде, қабыл етип атырған барлық нызам ҳәм қарарларымызда тек ғана халқымыз, Ўатанымыздың мәплери ең тийкарғы орында турыўы шәрт,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Жаңаланған Конституцияда Өзбекстан «социаллық мәмлекет» деген принцип беккемленип, мәмлекеттиң бул тараўдағы миннетлемелери менен байланыслы нормалар 3 есеге артты.

– Бул санды айтыў аңсат, бирақ оны әмелде тәмийинлеў ушын жүдә көп ислеўимиз зәрүр. Оған мәмлекетлик бюджеттен ҳәр жылы қосымша 30-40 триллион сум ажыратыў керек болады. Соның есабынан, ҳәр жылы жүзлеген жаңа бақшалар, мектеп ҳәм емлеўханалар қурыўымыз керек.

Жаслар сиясатын, тәлим-тәрбия, илим, мәденият ҳәм спорт тараўларын раўажландырыўды тийкарғы ўазыйпа сыпатында жоқары басқышқа көтериў бойынша да жаңа имканиятларды қаратамыз.

Нураныйлар, жалғыз кекселер, майыплығы болған инсанлар, айрықша итибарға мүтәж халық қатламына социаллық хызметлер көлемин және де кеңейтемиз. Мийнет ҳақы, пенсия, напақа ҳәм стипендиялар муғдарын турақлы арттырып барамыз,-деди Президент.

Конституцияда Өзбекстан «ҳуқықый мәмлекет» деген принцип те исенимли етип белгиленип, инсан ҳуқықлары менен еркинликлери бағдарындағы нормалар 3 есеге көбейтилди.

Шахсты судтың қарарысыз 48 сааттан артық мүддет услап турыў мүмкин емеслиги, адамлардың ҳуқықлары менен еркинликлерин шеклеў менен байланыслы барлық ҳәрекетлерге тек ғана суд қарары тийкарында жол қойылыўы, айыпланыўшы ҳәм судланыўшылардың «тынышлықты сақлаў» ҳуқықы беккемленди.

«Инсан қәдири ушын» принципи Конституцияда, нызамларымызда ҳәм мәмлекетлик уйымлардың жумысында баслы норма болыўы шәрт екенлиги, инсанның қәдири ҳәм абырайына қол қатылмаслығы, ҳеш нәрсе оларды кемситиў ушын тийкар болыўы мүмкин емеслиги белгилеп қойылды.

– Бул – бәринен бурын барлық тараўда нызам үстинлиги тәмийинленеди, дегени. Буннан былай, нызамлардағы анықсызлықлар инсан пайдасына шешиледи. Ең әҳмийетлиси, «Нызам-муқаддес, ҳәр қандай жағдайда да әдилликти тәмийинлеў шәрт!» деген пикир жәмийеттиң ҳәр бир ағзасы, әсиресе, лаўазымлы шахслар ушын өмир қағыйдасына айланыўы керек,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Жаңа редакциядағы Конституция Өзбекстанның «демократиялық мәмлекет» сыпатындағы статусын да беккемледи.

Мәмлекетимизде инсан ҳәм бизнестиң аўырын жеңил ететуғын, оларға сапалы хызмет көрсететуғын ықшам ҳәм нәтийжели басқарыў системасын енгизиў мақсетинде кең көлемли ҳәкимшилик реформалар басланып, ҳүкимет ҳәм министрликлер ықшамласты, жумыс усылы өзгертилди.

– Мениң ең үлкен нийетим – адамларды қыйнап атырған машқалаларды мәҳәллениң өзи шешетуғын халықшыл система жаратыў. Соның ушын, қаржы, салық, бәнтлик сыяқлы уйымлардың кеминде 30 процент ўәкилликлерин мәҳәлле дәрежесине түсириўди режелестиргенбиз,-деди Президент.

Жаңаланған Конституция парламент жумысында да әҳмийетли өзгерислерди нәзерде тутады. Атап айтқанда, мәмлекетлик ҳәкимият системасында бир-бирин тыйып турыў ҳәм турақлылықты сақлаў мақсетинде Олий Мажлис палаталарының ўәкилликлери қайта көрип шығылып, Нызамшылық палатасының ўәкилликлери 5 еўден 12 ге, Сенатта болса, 14 ден 18 ге шекем көбейди.

– Соның менен бирге, депутатларымыз тийкарғы итибарды нызамлардың сапасын арттырыўға қаратыўы, олардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўде ҳүкимет пенен биргеликте қатты ислеўи керек. Сенаттың жумысы болса аймақлар менен байланыслы мәселелерди шешиў, жергиликли кеңеслерге ҳәр тәреплеме жәрдемлесиў, орынларда, әсиресе, мәҳәллелерде нызамлардың орынланыўын тәмийинлеўге қаратылыўы зәрүр,-деди Шавкат Мирзиёев.

Жаңа редакциядағы Конституция миллетлер, конфессиялар арасында татыўлық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстанның «дүньялық мәмлекет» сыпатындағы статусын да беккемледи. Халқымыз референдумда оны мақуллады. Усы тийкарда, буннан былай да, мәмлекетимизде миллетлер, конфессиялар арасында татыўлық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў сиясатының жедел даўам еттирилиўи, жәмийетимизде ҳәр қандай радикалласыўға пүткиллей жол қоймайтуғыны атап өтилди.

Мәжилисте жаңаланған Конституцияны турмысқа енгизиў, орынланыўын тәмийинлеў бойынша ўазыйпалар белгиленди. Бул бағдарда Өзбекстан Республикасы Президенти пәрманына қол қойылғаны атап өтилди.

– Бас Нызамымыздың ҳәр бир бәнти ҳәм статьясын жәмийетимиз, әсиресе, жасларымыз ушын турмыс қағыйдасына айландырыў, бул бойынша олардың түсиник ҳәм тәсирлерин кеңейтиў, ҳәр бир мәҳәлле, билимлендириў шөлкеми, шөлкем ҳәм кәрханаларда үйретиў мақсетинде оқыў бағдарламалары, сабақлық ҳәм қолланбалар жаратыў зәрүр,-деди Шавкат Мирзиёев.

Мәжилисте мәмлекетимиз басшысы жаңаланған Конституцияның 128-статьясына муўапық, мүддетинен алдын Президент сайлаўын өткериў ҳаққында пүткил халқымызға мүрәжат етти.

Президентимиз тәрепинен бундай қарарға келиў ҳәм қалған үш ярым жыллық ўәкиллик мүддетинен өз басламасы менен ўаз кешиў зәрүрлиги төмендегише тийкарлап берилди:

бириншиден, ҳәкимияттың барлық буўынлары реформаланып, олар арасындағы мүнәсибет ҳәм тең салмақлылық қатаң өзгермекте;

екиншиден, жаңаланған Конституциямыз Президент, парламент, ҳүкимет, министрлер, ҳәкимлер алдына кешиктирип болмайтуғын жаңа сиясий, социаллық-экономикалық ўазыйпаларды қоймақта;

үшиншиден, халқымыз бизден барлық тараўларда оғада әҳмийетли ҳәм актуал өзгерис ҳәм реформаларды күтпекте;

төртиншиден, дүньяда ҳәм регионымызда кескин ҳәм қурамалы процесслер ҳүким сүрип атырған ҳәзирги жағдайда дурыс ҳәм нәтийжели раўажланыў жолын излеп табыў ҳәм оны әмелге асырыў ең үлкен ҳәм әҳмийетли мәселеге айланбақта.

Бундай үлкен ўазыйпаларды табыслы орынлаў ушын жаңаланған мәмлекет ҳәкимияты системасында халқымыз өзи исенген басшыға мандат бериўи мақсетке муўапық екенлиги атап өтилди.

Мәжилис қатнасыўшылары бул баслама Президентимиздиң өзбек халқына, демократиялық принциплерине болған шексиз ҳүрмети ҳәм садықлығының үлгиси екенин атап өтти.

Соның менен бирге, додалаўларда мүддетинен алдын Президент сайлаўын өткериў мәмлекетлик ҳәкимияттың жаңаланған Конституция талапларына муўапық заманагөй ислеўи, халық ҳәкимиятшылығы принципиниң толық әмелге асырылыўына хызмет ететуғыны атап өтилди.

Мәжилисте Олий Мажлис палаталары, сиясий партиялар сондай-ақ, Конституциялық суд басшылары да шығып сөйлеп, Президентимиз тәрепинен алға қойылған усыныслар менен басламаларды қоллап-қуўатлады.

Додалаў соңында гөзленген шеклер қаншелли жоқары ҳәм қурамалы болмасын, оларға ерисиў ушын бизде барлық имканиятлар бар екенлиги, уллы ата-бабаларымыздың мийрасы, халқымыздың дөретиўшилик қүдирети, интеллектуаллық ҳәм руўхый потенциалы, оның исбилерменлик пазыйлети бул жолда бизге күш-қүдирет дәреги болатуғыны атап өтилди.

ӨзА