Усы жылдың 5-май күни Бердақ атындағы Қаракалпақ мəмлекетлик музыкалы театрында Өзбекстан Қаҳарманы,  Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсуповтың туўылған күни мүнәсибети менен, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының көркем өнер ғайраткери, “Меҳнат шуҳрати” ҳәм “Эл юрт ҳурмати” орденлериниң ийеси, мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, композитор Нажиматдин Мухаммеддиновтың “Айт сен Аязийдиң қосықларынан” атамасындағы салтанаты кешеси болып өтти.


Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсуповтың туўылғанына 94 жыл толыўы мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.

Атап өтилгениндей, ҳәммемизге белгили, Президентимиз қарақалпақ əдебияты менен мəдениятына ҳəмийше жоқары ҳүрмет көрсетип, оны буннан былай да раўажландырыў мəселесине айрықша итибар қаратып келмекте.

Әсиресе Президентимиз тəрепинен билдирилген:

“…Ибрайым Юсупов, Төлепберген Қайыпбергенов сыяқлы үлкен шайыр ҳəм жазыўшылардың дөретпелери менен танысып, қарақалпақ халқының үрп-əдет ҳəм қəдириятлары, дəрт ҳəм əрманлары, арзыў-нийетлери туўралы бай түсиникке ийе болғанман” деген пикирлери халқымыз тарийхына ҳəм дөретиўшилигине деген жоқары баҳа деп ойлаймыз. Шайыр Ибрайым Юсуповтың қосық қатарларын халқымыз ядтан билиўи менен бирге, оның қосықларына жазылған намалар кеўиллерге өзгеше заўық бағышлайды.

Себеби, халқымыздыӊ сүйикли шайыры Ибрайым Юсуповтыӊ “Жолдас муғаллим”, “Тумарис”, “Актрисаныӊ ығбалы”, “Дала әрманлары”, “Қырық қыз”, “Өмир – саған ашықпан” сыяқлы көплеген шығармалары халқымызға руўхый азық бағышлап келмекте. Оның қосықлары түркий тиллер әдебиятының гүлтажына айланды. Бир қатар дөретпелери қазақ, украин, беларусь, грузин, болгар ҳәм басқа да халықлардың тиллерине аўдарылды. Сондай-ақ, Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң арнаўлы қарары менен Нөкисте Ибрайым Юсуповтың естелиги ҳәм оның атындағы дөретиўшилик мектеби қурылды.

Әдебиятымыздың уллы тулғасының мийрасы бәрқулла ардақланып, еске алынып келинбекте.

Шайыр Ибрайым Юсуповтың дөретпелерин халыққа кеңнен танытыўда, оның қосықларына намалар жазған композиторлардың мийнети айрықша. Солардың  қатарында мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, композитор Нажимаддин Мухаммеддиновтың орны айрықша. Әсиресе, бул еки дөретиўши инсан тəрепинен жаратылған Қарақалпақстан Республикасының Мəмлекетлик Гимни, сондай-ақ, “Кеўил кеўилден суў ишер”, “Мустақыллық гүллери”, “Жəне жəйҳун болып ақтың да келдиң”, “Муң қалмас” сыяқлы қосықлар кеўиллерде миллий мақтаныш сезимлерин оятады.

Илаж соңындағы концерт бағдарламасында шайыр қәлеминен дөреген қосықлар намаға салынып атқарылып, оның өлмес мийрасына және бир мәрте ҳүрмет көрсетилди.






Қарақалпақстан хабар агентлиги