Тақыятас районындағы Кекселер ҳәм майыплығы болған шахслар, урыс ҳәм мийнет ветеранлары санаториясының имараты пайдаланыўға тапсырылды.

Оның ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов, Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министри С.Турманов, район ҳәкими Д.Қурбанов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, кекселер ҳәм майыплығы болған шахсларды, урыс ҳәм мийнет ветеранларын социаллық қорғаў, олардың денсаўлығын тиклеў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 22-январьдағы “2022-2024-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында”ғы қарары тийкарында республикамызда бир қатар объектлерде қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылмақта. Солардың қатарында усы санаторияда улыўма баҳасы 6 миллиард 650 миллион сумлық қурылыс ҳәм реконструкция жумыслары алып барылды. Нәтийжеде хызмет көрсетиў қуўатлылығы 125 адамға жеткерилип, заманагөй медициналық әсбап-үскенелер менен  тәмийинленди. Атап айтқанда, комплексли физиотерапиялық БТЛ аппараты, суў процедураларына арналған қурылмалар, электр, ультра даўыслы, магнитли ҳәм лазерли терапия ушын заманагөй аппаратлар ҳәм басқа да үскенелер бул жерге келгенлердиң саламатлығын беккемлеўге хызмет етпекте.

Илаж қатнасыўшылары санаторияда емлениўшилер ушын жаратылған шараятлар менен танысты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги