Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының Баспасөз орайында Орайлық сайлаў комиссиясы баслығының орынбасары Баҳром Қўчқоровтың қатнасыўында брифинг болып өтти. Онда референдумда даўыс бериў процесслериниң барысы ҳаққында мағлыўматлар берилди ҳәм ҳәзирги ўақыттағы нәтийжелер мәлим етилди.

30-апрель күни Ташкент ўақты менен саат 20:00 де Өзбекстан Республикасы референдумын өткеретуғын участкаларда даўыс бериў жуўмақланды.

Мағлыўматларға қарағанда, 30-апрель саат 17:00 жағдайына бола даўыс бергенлер саны 15 миллион 802 мың 95 ти қурады. Бул жәми даўыс бериўшилердиң 81,39 проценти демек. Владивосток, Токио, Сеул, Кванджу, Пекин, Шанхай, Гуанджоу, Куала-Лумпур ҳәм Сингапур қалаларындағы референдум участкаларында даўыс бериў процесслери жуўмақланды.

Ташкент ўақты менен саат 17:00 де АҚШтың Вашингтон ҳәм Нью-Йорктағы референдум участкаларында даўыс бериў басланды. Айырым сырт мәмлекетлерде дүзилген референдум участкаларында даўыс бериў процеси даўам етпекте. Сол себепли, Өзбекстан Республикасы референдумы бойынша жуўмақлаўшы нәтийжелер 2023-жыл 1-май күни жәрияланады.

Сырт мәмлекетлердеги референдум участкаларында 307 мың 895 пуқара даўыс бериўшилер дизимине киргизилген. Солардан 159 мың 276 и мүддетинен алдын даўыс берген.

Референдум өткериў процесслеринде ҳәм даўысларды санап шығыўда халықаралық бақлаўшылар ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Муҳтарама КОМИЛОВА,

ӨзАның хабаршысы