Усы жылдың 2-августинен 9-августине шекемги аралықта дүньяға белгили «Discover rally tour» тәрепинен Ташкент қаласынан Аралға шекемги аралықта 4000 километрлик ралли болып өтеди.

Ең тийкарғысы бул илажға елимиздиң қәлеген пуқарасы қатнасыўы мүмкин, тек қатнасыў ушын 1 850 000 сум төлениўи тийис. Илаж шөлкемлестириўшилери қатнасыўшыларға барлық шараятлар менен қолайлықларды жаратыўды ўәде етпекте. Яғный, раллиге өз автотранспортларында қатнасыўшы пуқараларды барлық саяхат даўамында техникалық жәрдем машиналары гүзетип барады. Өткерилген тур телеканаллардағы кеўил ашар бағдарламаларда сәўлелендириледи, сондай-ақ, олар ең жақсы мийманханаларда түнеп, медициналық қамсызландырыўға да ийе болады.

Илажды өткериўден тийкарғы мақсет – бурынлары жәҳәнде үлкенлиги бойынша төртинши орында болған Арал теңизиниң ҳәзирги жағдайын көриў, адамлардың тәбият байлықларынан ойсыз пайдаланыўының ақыбетлерин дүньяға танытып, буннан тийисли жуўмақ шығарыўды үгит-нәсиятлаў болып есапланады.

Сондай-ақ, ралли қатнасыўшылары жол жүриўи даўамында елимиздиң миллий тағамлары, тәкирарланбас ландшафтлары, тарийхый ҳәм басқа да дыққатқа ылайық орынлары менен танысып, басқа да сапар даўамындағы сыр тутылған (сюрприз) илажлардың қатнасыўшыларына айланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.