Қарақалпақстанда Өзбекстан Республикасы Референдумын өткериўши 653 участка  болып, оларда 985 мың 367 даўыс бериўши дизимге алынған.

Ҳәзирги ўақытлары бул участкаларда пуқаралардың жаңаланған Конституциясына даўыс  бериўи қызғын даўам етпекте.

Даўыс бериў процесслерин бақлап барыў ушын бир қатар шөлкемлерден ўәкиллер, ғалаба хабар қураллары хызметкерлери, сиясий партия ўәкиллери ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары белсендилери қатнаспақта.

-Қарақалпақстанға 28-апрель күни келдим,-дейди россиялы журналист ТАСС хабаршысы Елизавета Борисенко.-Мен Нөкис қаласындағы И.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде ҳәм бир қатар даўыс бериў участкаларында болдым. Олардан умытылмас тәсирлер алдым.

Қарақалпақстан хабар агентлиги