Нөкис қаласында спорттың көркем гимнастика түри бойынша 2011-2013-жыллары туўылған қызлар арасында Қарақалпақстан Республикасы ашық чемпионаты болып өтпекте.

Онда Қарақалпақстан Республикасы, Бухара, Жиззақ, Наўайы ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласынан жәми 200 ге шамалас қәбилетли спортшы қатнаспақта. Олар жарыстың SU ҳәм SUN бағдарларында өз-ара беллесиўлер алып барады.












Жарыс бүгин жуўмақланады.

Жеңимпаз спортшылар I, II, III дәрежели диплом, медаль ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланады.

Мақсет ҲАБИБУЛЛАЕВ (сүўрет), ӨзА