Бүгин Нөкис қаласындағы референдум өткериўши участкаларында «Өзбекстан Республикасының Референдумы ҳаққында»ғы нызамына тийкар Өзбекстан Республикасының жаңаланған Конституциясына даўыс бериў басланды.

-Участкамыз Өрнек мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан болып, онда 1845 даўыс бериўши дизимге алынған,-дейди  24-санлы Референдум участкасы баслығының орынбасары Хамид Қусбатыров.-Соннан 63 пуқара мүддетинен бурын даўыс берди. Участкамызда пуқаралардың емин-еркин даўыс бериўи ушын барлық қолайлы шараятлар жаратып берилген. Ҳәзир даўыс бериў процеси қызғын басланып кетти.



Сондай-ақ, пуқаралардың бундай белсендилиги Нөкис қаласындағы 32-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде жайласқан 19-санлы Референдум участкасында да көзге тасланады.


-Участкамызда 2373 даўыс бериўши болып, соннан 31 пуқара мүддетинен алдын даўыс берди,-дейди бизге участка хаткери Ораз Палўанов.-Сааат 10 ға  шекем 512 пуқара даўыс берип, онда ҳеш қандай нызам бузыўшылық жағдайлары жүз бермеди. Даўыс бериў процеси бақлаўшылар тәрепинен бақлап барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги