Өзбекстан Республикасының Конституциясын реформалаў бойынша Өзбекстан Республикасының референдумында даўыс бериў процесслериниң басланғаны мүнәсибети менен болып өткен брифингте Орайлық сайлаў комиссиясы Баслығы референдумды жәми 383 халықаралық бақлаўшы, соның ишинде, 14 абырайлы халықаралық шөлкемнен 184 бақлаўшы, 45 мәмлекеттен 199 халықаралық бақлаўшылар тиккелей бақлап атырғанлығын атап өтти.
Буннан тысқары, сиясий партиялар ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларынан жәми 44 мыңнан аслам жергиликли бақлаўшы тиккелей бақлап атырғанлығы ҳаққында мағлыўмат берилди.
Сондай-ақ, референдумды аккредитациядан өткен ғалаба хабар қуралларының жәми 964 ўәкили, соның ишинде, 127 сырт ел ғалаба хабар қуралынан 192 ўәкил тиккелей бақлап ҳәм сәўлелендирип атырғанлығы атап өтилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги