Экономикалық изертлеўлер ҳәм реформалар орайы тәрепинен баҳаланған Исбилерменлик белсендилиги индекси (ИБИ) усы жылы март айында 1042 бирликти қурап, февраль айына салыстырғанда 4,2 процентке артқан. Соның менен бирге, исбилерменлик белсендилиги индекси өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда да 11 процентлик өсиў жүз берген.
Исбилерменлик белсендилиги индекси төмендеги компонентлердиң өзгерислерине байланыслы болған:
-хожалық жүргизиўши субъектлердиң банк есап бетлериндеги операциялар саны 6,3 процентке артқан;
– жумыс алып барып атырған хожалық жүргизиўши субъектлер бойынша компонент 1,0 процентке азайған;
-товар-шийки зат биржасында шийки зат сатып алыў жеделлиги 6,6 процентке көбейген;
товар белгилери бойынша компонент 14,7 процентке азайған.
Март айында Исбилерменлик белсендилиги индекси 6 аймақта өткен февраль айына қарағанда өскен. Қарақалпақстан Республикасы – 28,1 процент, Жиззақ – 16,3 процент, Сурхандәрья – 7,7 процент, Сырдәрья – 6,8 процент, Хорезм – 6,0 процент ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласында – 3,9 процентке өсиў бақланған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги