Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Өзбекстан мусылманлар басқармасының баслығы, муфтий Нуриддин Ҳолиқназаровты қабыллады.
Сойлесиўде диний-ағартыўшылық бағдарларда, уллы ата-бабаларымыздың илимий мийрасын үйрениў ҳәм халқымызға жеткериў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар көрип шығылды.
Бүгинги қәтерли дүньяда халқымыз, әсиресе, жасларға исламның мазмун-мәнисин дурыс түсиндирип бериў, жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық пенен гүресиў ҳәр қашанғыдан айрықша әҳмийет ийелемекте. Сол себепли елимизде социаллық-руўхый орталықтың турақлылығын тәмийинлеў, диний билимлендириўдиң сапасын және де арттырыў, бул бағдардағы алдынғы халықаралық тәжирийбени үйренип, елимиздеги диний билимлендириў мәкемелериниң жумысына енгизиў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 21-марттағы қарарына муўапық, мәмлекетимизде мүбарек Рамазан айы пазыйлетли ҳәм көтериңки руўхта өтти. Инсанларды жақсылық ҳәм мийрим-шәпәәтке, бүгинги тыныш ҳәм парахат турмысымызды қәдирлеўге шақыратуғын руўхый-ағартыўшылық илажлар өткерилди.
Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен барлық имам-хатиблердиң қатнасыўында мәҳәллелердеги 1 миллионнан аслам кем тәмийинленген шаңарақларда ифтарлықлар шөлкемлестирилди. «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик фонды есабынан жәрдемге мүтәж пуқараларға 2 миллиард 446 миллион сум муғдарында қайырқомлық исленди.
Быйылғы Рамазан айындағы және бир әҳмийетли жаңалық 1 мың 400 кем тәмийинленген пуқаралардың мәмлекет тәрепинен умра зыяратына жиберилиўи болды. Олар муқаддес мәнзиллерде турып, халқымызға тынышлық, қут-берекет тилеп қайырқомлық пәтиялар етти.
Президент жәмийетте диний кеңпейилликти буннан былай да беккемлеў, пуқаралардың ҳүждан еркинлигин кепиллеў бойынша өз пикирлерин билдирди.
ӨзА