Президентимиздиӊ “Рамазан ҳайытын белгилеў ҳаққында”ғы қарарыныӊ орынланыўын тәмийинлеў, халқымыздыӊ байрамды жоқары дәрежеде өткериўи ушын қолайлы шараят жаратыў мақсетинде республикамызда да бир қатар илажлар өткерилди.
Атап айтқанда, Бас прокуратура жанындағы Департаменттиӊ Қанлыкөл районы бөлими тәрепинен район ҳәкимлиги, прокуратура, “Дийқан базары” жуўапкершилиги шекленген жәмийети менен биргеликте көшпели саўда ярмаркалары шөлкемлестирилди. 3-сектор Жәйҳун мәкан пуқаралар жыйыны аймағында ярмарканы шөлкемлестириўден мақсет, саўда орынларын тийкарғы азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы өнимлери менен тәмийинлеў, баҳалардыӊ тийкарсыз көтерилип кетиўиниӊ алдын алыў, халыққа еле де қолайлы шараят жаратыў болып табылады.
Бундай көшпели саўда ярмаркалары республикамыздыӊ басқа да орынларында шөлкемлестирилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги