Арқа-батыс әскерий округинде өзлериниӊ жигитлик миннетин өтеў ушын келген  жасларды Ўатанға ант бериў мәресими болып өтти.

Нөкис гарнизонындағы әскерий бөлимлердиӊ биринде болып өткен салтанатлы илажда әскерий оркестр сазлары астында  Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларыныӊ мәмлекетлик гимнлери  атқарылды.

Буннан кейин Арқа-батыс әскерий округиниӊ сәркардасы, генерал-майор Ф.Шерматов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, муқаддес миннетин атқарыўға кирисип атырған мүддетли әскерий хызметкерлерди қутлықлады. Ўатанға ант бериў– ҳәр бир жигиттиӊ туўылған жери ҳәм халқымызға болған меҳир-муҳаббаты, садықлығыныӊ айқын көриниси екенлигин атап өтилди. Сондай-ақ, сөзге шыққанлар жигитлердиӊ өмиринде бир мәрте болатуғын умытылмас күн менен қутлықлап, оларға айрықша исеним билдирди.

Жаӊадан шақырылған мүддетли әскерий хызметкерлер елимиздиӊ шегараларын, халқымыздыӊ тынышлығын көздиӊ қарашығындай қорғаўға ўәде берип, Ўатанға ант қабыл етти. Олар хызмети даўамында Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятыныӊ бай миллий тарийхый мийрасын тереӊнен үйренип, әскерий кәсипти тереӊ меӊгерип, кәсиплик көнликпелерди ҳәм билим дәрежесин турақлы арттырып барыўларына тилеклеслик билдирилди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ әскерлерге саўғасы сыпатында берилген “Өзбекстан тарийхы” ҳәм “Темур тузуклери” китаплары жигитлердиӊ руўхый-ағартыўшылық дәрежесин арттырыўға тийкар жаратады. Ҳәр бир әскерге Арқа-батыс әскерий округи сәкардасыныӊ жоллаған қутлықлаўы оларда ҳәм жақынларында ант бериў мәресиминен айрықша тәсирлер алыўын тәмийинледи.


















Нөкис гарнизоныныӊ Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайыныӊ әскерий оркестри тәрепинен атқарылған қосықлар менен ойынлар  илажға байрамдағыдай руўх бағышлады.

Салтанатлы илаждан соӊ ант қабыл еткен әскерлерге байрам дастурханы жайылып, жақынлары менен дийдарласыўы ушын имканият жаратып берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги