Юридикалық әдебиятларда атап өтилиўинше, демократияның тийкарғы түрлеринен бири бул – мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың әҳмийетли машқалаларының улыўма халықлық додалаўда өз шешимин табыўы – референдум болып есапланады.
Усы жылдың 30-апрель күни мәмлекетимизде әҳмийетли сиясий процесс – Өзбекстан Республикасы Конституциялық нызам жойбары бойынша референдум болып өтеди.
Итибарлы тәрепи, жаңаланған Конституцияға 5 әҳмийетли социаллық ҳәм сиясий жаңалық киргизилмекте.
Демек, олар:
- Өзбекстан Республикасының пуқаралары мәмлекетлик хызметке кириўде тең ҳуқыққа ийе болып есапланады.
- Ҳәр ким егер мәмлекеттиң ҳуқықый қорғаўға байланыслы барлық ишки қуралларынан пайдаланып болынған болса, инсанның ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаўшы халықаралық уйымларға мүрәжат етиўге ҳақылы.
- Сайлаў ҳуқықына ийе болған жүз мыңнан аз болмаған пуқаралар нызамшылық усынысларын нызамшылық басламасы тәртибинде киргизиўге ҳақылы.
- Пуқаралар Мәмлекетлик бюджеттиң қәлиплестирилиўи ҳәм орынланыўы үстинен жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырады.
- Мәмлекет интернет жәҳән мәлимлеме тармағынан пайдаланыўды тәмийинлеў ушын шараятлар жаратады.
ӨзА