Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 20- апрелдеги “Рамазан ҳайытын белгилеў ҳаққында»ғы  қарары тийкарында пүткил мусылманлардың муқаддес байрамы есапланған Рамазан ҳайыт байрамы халқымыз тәрепинен көтериңки руўхта белгиленбекте.

Бүгин таң азаннан республикамыздың 63 мешитинде ҳайыт намазы оқылды ҳәм оған 43 мыңнан аслам адам қатнасты.

Нөкис қаласында жайласқан  «Имам ийшан Муҳаммад» жәмәәтлик мешитинде оқылған  ҳайыт намазына Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының  орынбасары Р.Нуразизов қатнасып Жокарғы Кеңес ҳәм Министрлер Кеңесиниң халқымызға жоллаған байрам қутлықлаўын жеткерди.

Сондай-ақ, байрам илажында Қаракалпақстан Мусылманлары Қазыяты қазысы  Ш.Баҳауддинов те шығып сөйлеп, ҳайыт намазы алдынан халқымыздыы Рамазан ҳайыты менен қутлықлап, ҳайыт намазы пазыйлети ҳәм елимиздеги тынышлық себепли быйылғы Рамазан жүдә өзгеше көтериңки болып өткенлигин атап өтти.

Ҳайыт намазынан  соң елимиз, халқымыз ҳаққына қайырлы дуўалар етилип, жақсы тилеклер тиленди.

Соны айтып өтиўимиз керек, Рамазан айы ҳәм ҳайыт мүнәсибети менен орынларда  руўхый-ағартыўшылық илажлар әмелге асырылып, сақаўат ҳәм мийрим-шәпәәт ҳәрекети шеңберинде кем тәмийинленген, жалғыз баслы кекселерге 129 млн 950 мың сум,   «Мүриўбет» ҳәм « Сақаўат» үйлери, екинши жер жүзилик урысы қатнасыўшылары, мийнет нураныйларына 14 млн 600 мың сум муғдарында материаллық жәрдемлер көрсетилди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.