Мүбәрек Рамазан айы мүнәсибети менен  Өзбекстан Журналистлери аўқамы Қарақалпақстан бөлими жәмәәти жазыўшы ҳәм журналист Дәўлетбийке Шерниязованың шаңарағында болып, ҳал-жағдайынан хабар алды.

Бөлимниң баслығы Кеңесбай Реймов шаңарақ ағзаларын Рамазан ҳайыт байрамы менен қутлықлап, оған Журналистлер аўқамының ағзалық билетин ҳәм естелик саўғаларын тапсырды.

Дәўлетбийке Шерниязова узақ жыллар даўамында Қарақалпақстан радиосында бас редактордың орынбасары лаўазымында иследи. Оның авторлығындағы “Адам ҳәм нызам”, “Гүлдәсте” радиожурналлары, “Шаңарақ-Ўатан тиреги” еситтириўлери, бир қатар радиоинценировкалары тыңлаўшыларда айрықша қызығыўшылық оятты.  Жазыўшының “Мен сизге ашықпан” романы, “Мүсин”, “Кептерлер қайтып келеди”, “Жүрек сырлары”, “Өмири гөззал  инсан”,”Қарлығашлар”, “Шарик”шығармалары китап оқыўшыларына жақсы таныс.

Өмирлик жолдасы Базарбай Дағаров көп жыллар даўамында Қарақалпақстан телевидениесинде режиссёр болып ислеген болса, қызы Дилфуза журналист кәсибин таңлады. Ҳәзир Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты “Илим ҳәм жәмийет” журналының жуўаплы хаткери болып ислеп келмекте.

Жазыўшы ҳәм журналист Дәўлетбийке Шерниязова Президентимиздиң басламасы менен дөретиўши инсанларға көрсетилип атырған айрықша итибары ушын миннетдаршылық билдирди.


Қарақалпақстан хабар агентлиги