Нызам – жоқары юридикалық күшке ийе болған, мәмлекеттиң нызам шығарыўшы уйымы тәрепинен яки тиккелей халық тәрепинен референдумда нызамшылық тәртиби талапларына муўапық қабыл етилген ҳәм өзинде оның әмел етиў аймағы, мүддети ҳәм шахслар шеңберинде ҳуқықый қатнасықлардың субъектлери жумысының улыўма үлгисин жәмлестирген нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет болып табылады.

Нызам – дүньядағы барлық халықлардың турмысын басқаратуғын инсан санасының жемиси, ҳәр бир мәмлекеттиң сиясий ҳәм пуқаралық нызамлары, әне усы улыўма нызамлықтың жеке формасы болып есапланады. Конституцияда мәмлекеттиң географиясы, климаты, аймақтың үлкен-кишилиги, жериниң өнимдарлығы, халықтың турмыс тәризи, еркинлик дәрежеси, диний исеними, үрп-әдет ҳәм дәстүрлери итибарға алынған.

Нызамлар еркинликти шеклемейди, керисинше, ҳәр бир пуқараның еркинлигин тәмийинлеўге хызмет етеди. Еркинлик руўхтың субстанциясы, оның мазмунында көринеди. Еркинлик идеясы инсанлардың болмысы, олардың жумысын сәўлелендиреди. Ол инсанның руўхы ҳәм қәлби түсиниги, принципи сыпатында жетилисиў процесинде зәрүрлик формасына ийе болады. Еркинлик идеясы тарийхтың раўажланыўын аңлатып, ең дәслеп сана еркинлигин талап етеди. Инсан пикирлеў қәбилетинен айырылса, ол еркин болыўы мүмкин емес. Еркинлик идеясының раўажланыўы  мәмлекеттиң басқарыў формаларының раўажланыўы менен байланыслы. Мәмлекет, ҳуқық, руўхыйлық еркинликтиң ҳәр қыйлы өзгешеликлерин сәўлелендиретуғын түсиниклер болып есапланады. Еркинликтиң раўажланыўының кейинги басқышы мүлктиң пайда болыўы менен байланыслы. Руўх шахстан мүлкке қарай ҳәрекетленип, өзлигин аңлаў дәрежесиниң жоқары басқышына көтериледи.

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 56-статьясында «Инсан ҳуқықлары бойынша миллий институтлар инсан ҳуқықлары  ҳәм еркинликлерин қорғаўдың барлық формалары ҳәм усылларын толықтырады, пуқаралық жәмийетин раўажландырыўға ҳәм инсан ҳуқықлары мәдениятын жетилистириўге жәрдем береди. Мәмлекет инсан ҳуқықлары бойынша миллий институтлардың жумысын шөлкемлестириў ушын шараят жаратады. Нызам үстинлиги түсиниги ҳуқықый институтларды жетилистириўге жәрдемлеседи, раўажланыў ҳәм еркинлик жолында шексиз жетилисиўге шақырады. Тийкарынан, егер ҳуқықый мәмлекет бир медаль болса, нызамның ҳәм ҳуқықтың үстинлиги оның еки тәрепи болып есапланады. Олар бирден-бир түсиник – ҳуқықый нызамға биригиўи лазым.

Инсан нызамға бойсыныўы менен өзиниң тәрбиялы екенлигин көрсетеди. Егер нызамға әмел етип жасаса, әдиллик, жақсылық ҳәм гөззаллықтың жүзеге шығыўын реал  өмирде  көреди. Демократия тек ғана теориялық тәлиймат  яки сиясий процесстен ибарат болып қалмастан, халықтың турмыс тәризи, руўхый дүньясы, тарийхы, дәстүрлери, мәдениятын қамтып алады. Демократия өзиниң объектив нызамлылықлары тийкарында раўажланыўшы узақ мүддетли процесс болып есапланады.

Қ.ЮСУПОВ

Наўайы мәмлекетлик кәншилик ҳәм технологиялары

 университети жанындағы Нөкис кәншилик

институты директорының биринши орынбасары.

Қарақалпақстан хабар агентлиги