Нөкис районы орайындағы «Руўхый-ағартыўшылық сарайы»нда Ташкент қаласынан келген үгит-нәсиятшылар тәрепинен «Халық конституциясы менен халықшыл мәмлекетке қарай» сүрени астында аймақ турғынлары менен ушырасыў шөлкемлестирилди.

Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы “Маърифат”  үгит-нәсиятшылар жәмийетиниң ағзалары тәрепинен шөлкемлестирилген илажда тарийх илимлериниң докторы, профессор  Абдухалил Маврулов,  Өзбекстан мәмлекетлик жәҳән тиллери университети доценти  Олим Тошбоев, қосықшы Бекзод Эшонов, философия илимлериниң докторы Мунира Қаҳҳорова, “Маърифат” үгит-нәсиятшылар жәмийети жуўапкер хызметкери  Хусан Турсунов, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Қарақалпақстан бөлими баслығы Татлымурат Атамуратов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, соңғы жыллары елимизде «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында исленип атырған унамлы жумыслар, аймақлардағы  жүз берип атырған жаңаланыўлар менен өзгерислерге кең түрде тоқтап  өтти. Илажда халықтың абаданлығы ушын исленип атырған бундай кең көлемдеги реформалардың тийкарында Конституция турғанлығы,  оған киргизилип атырған өзгерислерге де тоқтап өтилип,  30-апрель күни пүткил мәмлекетимиз бойлап өткерилетуғын улыўма халықлық Референдумға белсене қатнасыўға шақырды.








Усындай үгит-нәсият илажы райондағы Қутанкөл мәкан пуқаралар жыйыны аймағында да болып өтти.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы