Улыўма алғанда, биз есаплаў дүньясында өз атын қалдырған уллы инсанлар ҳаққындағы қызықлы ўақыяларды оқыўға әдетленгенбиз,  деўимиз мүмкин. Бирақ, биринши программист ким еди, деген сораўға жуўап бизди ҳайран қалдырады.

Биз сизди көп күттирмей бул сораўға жуўап беремиз. Сиз оны ер адам деп ойлаўыңыз мүмкин. Яқ, ондай емес. Ол ҳаял программист: Августа Ада Байрон Лавлас.

Аугуста Ада Байрон, соӊ Ада Ловелаце исми менен танылған, 1815-жылы Лондонда туўылған. Бул ҳаял шайыр Лорд Жорж Гордон Байрон ҳәм баронесса Энн Исабелла Байронның жалғыз қызы еди.

Солай етип, Аугуста Ада Байрон Ловелейс тек ғана программаластырыў тилин тәрийплеген ҳаял емес, ал ол тарийхтағы биринши компьютер программисти есапланады.

 

 Дилфуза Қуўанышбаева,

ҚМУ Интернет журналистикасы

тәлим бағдарының 4-курс студенти,

Қарақалпақстан хабар агентлиги