Алдын хабар бергенимиздей, усы жылдың 17-18-апрель күнлери Ташкент қаласында Workout бойынша болып өткен «Универсиада-2023» спорт жарысларының республикалық басқышында ерлер арасында өткерилген жарыста Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы сыйлы 3-орынды ийеледи ҳәм бронза медальларын қолға киргизген еди.

Бүгин, 20-апрель күни Нөкис темир жол вокзалында спортшы жаслар ҳәм олардың тренерлерин күтип алыў илажы болып өтти.

Илажға жоқары оқыў орынларының ўәкиллери, спортшылардың ата-аналары, кең жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Онда сөзге шыққанлар студент-жасларды ҳәм олардың тренерлерин қолға киргизген табыслары менен қутлықлады.

Республикамыз сайланды командасының бундай нәтийжени қолға киргизиўинде команда қурамында қатнасқан Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты студентлери Отабек Шарапов, Ислом Тиловбоев, Иззатбек Каримов, Оғабек Матопаев ҳәм Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети студенти Досберген Азатов ҳәм оларды жарысқа таярлаған тәжирийбели тренер-оқытыўшылар Али Ешбаев, Серик Абуов, Нөкисбай Акимовлардың мийнетлерин айрықша атап өтиўимиз керек.

– «Көше гимнастикасы» деп аталатуғын Workout спорты соңғы жылларда елимизде ғалаба ен жайып бармақта. Буның ушын ҳәр бир аймақта, мәҳәллелерде спорт майданшалары қурылған. Быйылғы жылы биринши мәрте «Универсиада» спорт жарыслары қатарына қосылғаны бул спорттың жасларымыз арасында және де ен жайыўына тийкар болды. Өзбекстанның 14 аймағынан спортшы жаслар қатнасқан жарыста ерлер командамыздың сыйлы 3-орынды, қызларымыздың 5-орынды бәнт етиўи, әлбетте, дәслепки қәдемлеримиздиң нәтийжели екенлигинен дәрек береди, – дейди тренер Али Ешбаев.

Биз команда ағзаларын қолға киргизген табыслары менен және бир мәрте қутлықлаймыз!








Қарақалпақстан хабар агентлиги