Усы жылдың 19-апрель күни Орайлық сайлаў комиссиясының гезектеги мәжилиси болып өтти.

Видеоконференц байланыс тәризинде өткерилген мәжилисте 1-Қарақалпақстан округлик комиссиясының ағзалары да қатнасты.

Мәжилис күн тәртибине муўапық, Өзбекстан Республикасының референдумына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында айырым министрлик ҳәм мәкемелер ўәкиллериниң мәлимлемелери, референдумда сырт еллер ҳәм халықаралық шөлкемлерден қатнасатуғын бақлаўшылар және ғалаба хабар қураллары ўәкиллерин аккредитациядан өткериўге байланыслы мәселелер көрип шығылды.

Мәжилисте референдумды жоқары дәрежеде шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша бир қатар министрликлерге жүкленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеўге байланыслы мәлимлемелер тыңланды. Атап айтқанда, Санлы технологиялар министрлигиниң мәлимлеме-коммуникациялық технологиялардың таяр ҳалда болыўы, даўыс бериў процесин басқарыў мәлимлеме системасының үзликсиз ислеўин тәмийинлеў, Ишки ислер министрлиги ҳәм Миллий гвардия командирлигиниң Өзбекстан Республикасы референдумы дәўиринде жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў илажлары ҳаққында Орайлық сайлаў комиссиясы қарарының орынланыўын тәмийинлеў ҳәм оны әмелге асырыў, Энергетика министрлигиниң округлик ҳәм участкалық комиссиялардың имаратларын үзликсиз электр менен тәмийинлеў бойынша әмелге асырылған жумыслары ҳаққындағы мәлимлемелери тыңланды.

Өзбекстан Республикасының референдумында халықаралық шөлкемлер ҳәм сырт еллерден қатнасатуғын бақлаўшыларды аккредитациядан өткериў ҳаққындағы Орайлық сайлаў комиссиясының қарары тийкарында Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы, ҒМДА Парламентлер аралық Ассамблеясы, Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бюросы, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми, Ислам бирге ислесиў шөлкеми сыяқлы халықаралық шөлкемлерден, сондай-ақ, АҚШ, Германия, Уллы Британия, Түркия, Кувейт, Ҳиндстан сыяқлы сырт еллерден улыўма 258 бақлаўшы аккредитациядан өткерилди.

Сондай-ақ, Орайлық Сайлаў комиссиясына келип түскен мүрәжатлардан келип шығып, жергиликли ғалаба хабар қуралларының 103, сырт ел ғалаба хабар қуралларының 24 ўәкили аккредитациядан өткерилди. Соның менен, усы күнге шекем аккредитациядан өткерилген жергиликли ҳәм сырт ел ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң улыўма саны 778 ди қурамақта.

Мәжилисте күн тәртибине киргизилген мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.





Орайлық сайлаў комиссиясының мәжилиси жуўмақланғаннан соң 1-Қарақалпақстан округлик комиссиясы ағзалары ис-режеде белгиленген ўазыйпаларды додалады ҳәм әмелге асырылатуғын жумыслар белгилеп алынды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги