20-апрель күни жер планетасы өзгеше астрономиялық ҳәдийсеге – Қуяштың гибрид тутылыўына гүўа болады. Бул ҳаққында Space хабар берди.

Гибрид тутылыў шеңберли тутылыў деп аталады, онда Ай саясының Жер жүзи бойлап өткен жолы арасында қуяш толық тутылады. Бул жағдай төмендеги көринисте сәўлеленеди:

Бул 2023-жылдағы биринши қуяш тутылыўы болып есапланады. Оны Қубла-Арқа Азия, Арқа Ҳиндстан, Австралия, Филиппин, Ҳинд ҳәм Тыныш океанлары суўларында ҳәм Антарктидада бақлаў мүмкин болады. Соған қарамастан, Өзбекстан халқы оны онлайн бақлаў имканиятына ийе. Бул Австралия обсерваториясы (Gravatiy Discovery Centre) тәрепинен шөлкемлестирилген:

Соңғы гибрид қуяш тутылыўы 2013-жылы жүз берген. Кейинги тутылыў 2031-жылы болады. Буннан кейин оны 2164-жыл 23-мартқа шекем бақлаў керек болады.

 

Дилноза Қалбаева,

ҚМУ Интернет журналистикасы

тәлим бағдарының 4-курс студенти,

Қарақалпақстан хабар агентлиги