Президент Пәрманына бола Рамазан ҳайыты мүнәсибети менен берилип атырған қосымша дем алыс күнлери белгиленди.

Оған бола Рамазан ҳайыты 21-апрель – жума күнине туўра келиўи мүнәсибети менен сол күн байрам сыпатында белгиленеди. 22–24-апрель күнлери жумыс ҳәптесиниң даўамлылығына қарамастан жоқары, профессионал тәлим орынлары ҳәм академиялық лицейлерде жумыс ислеп атырған профессор-оқытыўшылар, басшы- хызметкерлер ҳәм студент-оқыўшылар избе-из 4 күн дем алады:

21-апрель (жума) – Рамазан ҳайыты байрамы;

22-апрель (шемби) –  дем алыс күни (сондай-ақ, 6 күнлик жумыс ҳәптесинде ислейтуғын хызметкерлер ушын);

23-апрель (якшанба) – дем алыс күни;

24-апрель (дүйшемби) – жумыс ҳәптесиниң түрине қарамастан барлық хызметкерлер ушын қосымша дем алыс күни.

Оқыў процесслери усы жыл 25-апрель, шийшембиден басланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги