Олий Мажлис Сенатының баслығы Танзила Норбоева Европа аўқамының Орайлық Азия бойынша арнаўлы ўәкили Терхи Хакала ҳәм Европа аўқамының инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили Эймон Гилмор менен ушырасты.

Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Европа аўқамы арасындағы қатнасықлардың ҳәзирги жағдайы ҳәм перспективалары, соның ишинде, парламентлераралық байланысларды раўажландырыў, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў тараўындағы бирге ислесиў мәселелери додаланды.

Сенат Баслығы Өзбекстан Европа аўқамы менен тийкарғы халықаралық бирге ислесиўши сыпатында өз-ара пайдалы шерикликти избе-из раўажландырыўдан, онда өз-ара қатнасықлардың барлық бағдарларын қамтып алыў ушын биргеликте ҳәрекет етиўден мәпдар екенин атап өтти.

Сөйлесиў ўақтында Өзбекстанда гендер теңликти тәмийинлеў, ҳаял-қызлардың ҳуқықларын кепиллеў, олардың жәмийет ҳәм шаңарақтағы абырайын беккемлеў мәселелери мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилгени айрықша атап өтилди.

Ушырасыў жуўмақлары бойынша қамтып алыўы жағынан кеңейип атырған еки тәреплеме сөйлесиўди әмелий мазмун менен және де байытыўға келисип алынды.

ӨзА