Нөкис қаласы турғыны Мырзабай Сапарбековтың көтерген салмақлы мәселеси ҳәзирги күнниң ең актуал мәселелеринен бири саналады. Ол елимиздиң барлық аймақларында сырт еллердиң техникасынан қалыспайтуғын, керек болса, ҳеш мәмлекетте ушыраспайтуғын жаңа техникаларды ойлап табатуғын қәнигелер, яғный инженерлер мектебин жаратыў ҳаққында усыныс билдиреди.

М.Сапарбеков соңғы ўақытлары елимизге көп муғдарда инвестицияның киргизилиўине байланыслы инженерлеримиз сол шет елдиң техникалары менен технологияларын басқарыў ҳәм пайдаланыўдан ары өтпей, шегараланып қалып атырғанын айрықша айтып өтеди. Инвесторлардың мақсети – пайда көриў екенин умытпаўға шақырады.

– Олар алып келген технология ҳәм техникаларынан да жақсы, раўажланған еллерде еле пайдаланыўға қойылмаған техникаларды жаратыў керек, – дейди М.Сапарбеков. – Инновациялық технологияларды дөретиў барысында раўажланған мәмлекетлер жаңа технологияларды ҳәм техникаларды өз еллеринде илажы болса сырлы жағдайда өзлестиреди ҳәм оннан пайда көрип отырады. «Гөнерди» деп есапланған үскенелерди технологиясы менен қосып, исбилерменлердиң еркине тапсырады. Жеткиликли муғдарда капиталға ийе болған исбилермен-инвестор сол техникаларды бизиң мәмлекетимизде өндириске ендирип, келисимли жағдайда биргеликте пайда көрип отырады.

Инвесторлар алып келип атырған, биз бурын көрмеген техникалар жергиликли инженерлеримиз ушын сырын үйренип алатуғын ҳәм қалай исленгенин анық билип алатуғын үлги болып хызмет етиўи керек. Сол техникалардың уңқыл-шуңқылын үйренип алып, оны жетилистирип, «Made in Uzbekistan» өними етип шығарсақ, инженерлеримиз қандай күшли тәжирийбеге ийе болып, сынақтан өткен болар еди.

Буған бизиң имканиятымыз да бар, қабилетимиз де жетеди. Топланған тәжирийбелер, билимлер негизинде өзимиздиң жергиликли шараятымыздан, қолланыў жағдайларынан келип шыққан ҳалда сырт еллердегиден өзгеше технологиялар ҳәм техникаларды жаратыў мақсетке муўапық болар еди.

М.Сапарбековтың пикиринше, буның ушын ҳақыйқый инженерлерди, техникалық үскенелердиң ислеў принципин, техниканы ремонтлаўды, басқарыўды тәжирийбеде анық меңгерип билетуғын жасларды таярлайтуғын инженерлер мектебин шөлкемлестириў керек.

– Бизде инженерлер таярлайтын орта арнаўлы оқыў орынлары бар. Мен жақында сондай оқыў орынларының бирине – колледжге бардым. «Колледжимиз мақтанышы» деген стэнд қыстырыўлы тур. Қарасам, бәри спорттан орын алғанлар екен. Бирде биреўи таза станок яки үскене ойлап таппаған, – дейди М.Сапарбеков. – Бул тараўда қәнигелерди оқытыўда үлкен ақсаўшылық бар. Соның ушын инженерлер мектебин ҳәр бир қала, районларда ашыў керек.

Еслетип өтемиз, Президентимиз Шавкат Мирзиёев өзиниң Олий Мажлиске мүрәжатында елимиз пуқараларының усы сыяқлы мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмысқа байланыслы әҳмийетли мәселелер бойынша өз усыныс ҳәм пикирлерин билдириўи ушын Интернет тармағында «Мениң пикирим» арнаўлы веб-сайтын шөлкемлестириў мақсетке муўапық болатуғынын атап өткен еди. Себеби, шын мәнисинде мәмлекетти раўажландырыўға қаратылған пикир-усыныстың дәреги ҳәм авторы халық болып табылады.

Солай екен, Мырзабай Сапарбеков сыяқлы өз идеяларын жүзеге шығармай жүрген ақыл ийелери халық ишинде көплеп ушырасатуғынына гүмән жоқ.

 

 

М.Пирназарова,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы