Билимлендириў системасында ҳәўиж алған қағазбазлық иллети, изи үзилмейтуғын комиссиялар, оқытыўшылардың айлық ис ҳақысы, устаз шахсыятының орны, оқытыўшы ҳәм оқыўшыларды, студентлерди ҳәр түрли илажларға, жумысларға жегиў, тесттеги олқылықлар… Сиз усы мақалада белгили жазыўшы ҳәм педагог Улығбек Ҳамдамның бүгинги елимиздеги билимлендириў системасына байланыслы усындай өзекли мәселелерге арналған өткир ой-пикирлери менен танысасыз.  

Автор усы ойлары арқалы билимлендириў системасын еле де жетилистириў бойынша оқыўшыларды пикирлесиўге шақырады.

ҚХА

 

Тәғдирдиң айдаўы менен 2016-жылы май айынан баслап билимлендириў тараўында ислей басладым. Буған себеп, Әлишер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университетиниң ашылыўы болды. Мен «Жәҳән әдебияты» кафедрасының баслығы лаўазымына усыныс етилдим. Өзи алдын да тәлим тараўында ислегенмен. 90-жыллардың орталарында. Миллий университеттиң журналистика ҳәм өзбек филологиясы факультетлеринде өзбек әдебиятынан, Шығыстаныў институтында болса түрк тилинен студентлерге сабақ бергенмен.

Лекин арадан 20-22 жыл ўақыт өтти. Жоқары оқыў орынларында ислейтуғын досларымнан еситиўимше, бүгинлиги билимлендириўде ислеў оғада аўыр болып қалған: қағазбазлық, мәжилиспазлық әбден шегине жеткен. Мен жаңадан ашылып атырған университетке кадрларды таңлап алып атырған комиссия ағзаларына билимлендириў туўралы усыларды, сондай-ақ жазыўшы екенлигимди, дөретиўши адам руўҳ еркинлигин хош көретуғынлығын, билимлендириўде ислеўим енди бир қанша қыйын соғатуғынлығын айттым. Бирақ, тәғдир екен, бир неше талабанлар ишинен кәмийне таңланды ҳәм басқа кәсиплеслерим қатары Бас Министр (ҳәзир Өзбекстан Президенти)диң сәўбетине кирдим. Сөйлесиў менде жарқын тәсир қалдырды. Ана тилимиз ҳәм әдебиятымызға ҳүкимет дәрежесиндеги бундай итибар мендей бир зиялы-жазыўшыны, шайыр ҳәм әдебиятшы алымды сүйсиндирмеўи мүмкин емес еди. Сәўбетлесиў ўақтында Шавкат Миромоновичтиң маған қарата: «Кафедраңыз Өзбекстанда жетекши кафедра, яғный шаҳ кафедра болыўы керек!» деген гәплери ўазыйпаның оғада жуўапкершиликли екенлигинен дәрек берер, енди мен жүдә көп ҳәм қуп мийнет етиўим лазымлығын түсинип турар едим. Солай етип, қызғын жумыс процеси басланып кетти.

Билимлендириўде ислеўдиң өз заўқы бар. Буны усы тараўда ислегенлер ғана жақсы биледи, сезинеди, қәдирине жетеди. Бул сапары да әне, сол заўықты  сезиндим. Әйне демде, тараўдың реформа талап машқалалары да  туўылып үлгерген екен. Машқалалар жыйналысларда еки-үш наразылық билдириў менен питетуғын емес, бәлки билимлендириўде саламат системаны жолға қойыў менен байланыслы еди. Бирақ бийкар етиў бәрҳәма аңсат, инкар етилгенниң орнына тыянақлы усыныс етиў болса мүшкил. Мениң қандай да тыянақлы усыныс етиўим ушын билимлендириўдеги тәжирийбем еле жеткиликли болмай, мен сабақ берген 90-жыллар менен ҳәзиргиси (2016-2018) ниң арасында үлкен парық бар еди. Демек, «аўзымды ашыўым» ушын жаңа тәлим тараўында жетерли маманлыққа ҳәм тәжирийбеге ийе болыўым дәркар еди. Солай етип, жоқары билимлендириў системасына сүңгип кеттим. Бүгинги күн менен есап етсем, жаңа билимлендириў системасында еки жылға жақын ислеген екенмен (90-жыллар орталарындағы еки жыллық стажым менен педагогикалық ис тәжирийбем жәми 4 жылға жетти).

Енди бир педагог, бир жазыўшы, бир алым, қала берсе, бир зиялы сыпатында билимлендириў  бойынша өз ой-пикирлеримди ортаға талқылаўға таслаўым мүмкин деп ойлайман. Дурыс, телевидениениң «Маданият ва маърифат» каналында 2017-жыл апрель айында өзимниң басламам менен алынған, билимлендириўдеги машқалалар туўралы «Мезон» (Өлшем) көрсетиўинде айырым пикирлеримди айттым. Лекин, эфирде кеткени қамыр ушынан пәтир еди. Машқалалардың тийкарғылары елеге шекем айтылмады. Яки айтылса да эфирде ҳәм қағазларда қалып кетти және қалып кетпекте. Мен оқытыўшы машқаласына бурын да итибар берип, оларды еки романым- «Мувозанат» (Теңсалмақ) ҳәм «Исён ва итоат» (Көтерилис ҳәм бағыныў)та қәлемге алған едим. Шығармалардың бас қаҳарманлары Юсуп те, Акбар да муғаллимлер еди. Бул еки образ ҳәм физика-математика оқытыўшысы Эргаш аға образлары арқалы (шығармалар 1997 ҳәм 2003-жылларда жазылған) устаз ҳәм билимлендириў менен байланыслы, ҳәзирге шекем шешилмеген әҳмийетли машқалалар туўралы жар салынған еди. Бирақ олар көркем шығарма болғаны ушын ба, жәмийетте өз жаңғырығын таппады. Бүгин тап сол гәплерди публицистик руўхта тәкирарлап атырман, болғаны. Әлбетте, ендиги наразылықлар күшлирек жаңғырмақта. Билимлендириўдиң реформаға зәрүрлиги тартысып болмайтуғын мәселе екенлиги төмендеги пикирлерден аңласылады деп ойлайман. Бул туўралы түрли көзқараслар болыўы мүмкин. Мениң бақлаўымша, устаз шахсы ҳәм билимлендириў системасы мәселеси ең тийкарғы мәселе.

  1. I. Устаз шахсы мәселеси.

Материаллық, руўхый ҳәм ҳуқықый жақтан қорғалған муғаллимниң ғана шахсы пүтин болады. Хош, бүгин оқытыўшының шахсы пүтин бе? Усы мәселениң унамлы шешими, ойлаўымша, билимлендириўдиң тең ярым машқаласын сапластырады. Айтыўымыз тийис, әмелдеги билимлендириў системасы муғаллимниң шахс сыпатында қәлиплесиўине толық хызмет етпей атыр. Оқытыўшы шахсы жемирилди ме, демек, ондай ҳалатта ол педагок сыпатында тамам болған болады. Сол көзқарастан, билимлендириўде оқытыўшы шахсы бирлемши мәселе болыўы лазым деп ойлайман. Себеби, шахсы пүтин оқытыўшы ғана шахсы пүтин оқыўшы-талабаларды тәрбиялай алады. Тәлим-тәрбиядан мақсетимиз, оқыўшы санасын ҳәм қәлбин оятыў, оларды мәлим бир мақсетлерге бағдарлаўдан ибарат. Информация бериў де әҳмийетли. Лекин берилип атырған информацияларға қандай қатнаста болыў, оларды талқылап, дурыс ҳәм керекли жуўмақларға келиў, жуўмақлардан болса ийгиликли мақсет жолында пайдаланыў уқыплылығын, РУЎХЫН қәлиплестириў және де әҳмийетлирек.  Ҳәр қандай зийрек оқытыўшы ядындағы пәнге байланыслы мағлыўматлардан бир флешка ишиндеги мағлыўматлар көбирек ҳәм туўрырақ болыўы мүмкин. Лекин бир де флешка, бир де компьютер ҳақыйқый устаз оқыўшы-талабаға бере алатуғын РУЎХты бере алмайды.  Тәлим туўралы сөз болғанда, әне сол РУЎХқа көбирек итибар бериў керек. Бул руўх, ең әўеле муғаллимниң өзинде болыўы шәрт. Ақыры, инсан өзинде жоқ нәрсени қалайынша өзгеге бере алады? …

Оқытыўшының ўақтына қол қатылмаўы тийис  

Рус педагогы В.А. Сухомлинскийдиң бир пикирин келтирмекшимен: «Оқытыўшы шеберлигиниң артыўының ең әҳмийетли шәрти – оқытыўшының бос ўақты! Оқытыўшыда бос ўақыт қанша аз болса, ол сонша руўхый сынады. Ол қаншелли ҳүжжетпазлық, мәжилиспазлық, қағаздағы ис режелери ҳәм есабатлары менен бәнт болса, оқыўшы-талаба ушын беретуғын ҳеш нәрсеси қалмайды. ЎАҚЫТ – бул муғаллимниң ең үлкен руўхый байлығы! Педагогикалық дөретиўшилик ҳәм искерлик – машақатлы мийнет. Ол көп күш-қуўатты талап етеди. Егер қуўат тикленбейтуғын болса, оқытыўшы тәслим болып сынады ҳәм қайтып өзине келе алмайды». Ҳақыйқатында да, заманагөй дүньяда қағазбазлық қурақым инсан өмирин солдыратуғын басқа бир иллет жоқ. Қағазбазлық – заманымыздың обасы! Ол тәлимде симулякр ҳәдийсесин пайда етип болды: қағазда жумыс кете береди, бирақ әмелде қағаздағының ярымы да әмелге аспайды. Базыда улыўма ҳештеңе де болмайды.

Оқытыўшының жәмийет ишинде абырайы мәселеси. 

Уллы өзбек шайыры Әлийшер Наўайы XV әсирде «Ҳақ жолында ким саған бир ҳәрип үйретпекши болса, оның ҳақын мың ганж бенен өтеп болмас» деген мазмунда қосық дөреткен болса, эрамыздан алдынғы IV әсирде греклердиң философ алымы Аристотель «Устаз атаңдай уллы» деген еди. Себеби, ата баланы аспанлардан жерге түсирген болса (яғный баланың биологиялық барлық сыпатында жерде туўылыўына себеп болыўы!) устаз оның дәрежесин жерден аспанларға шекем көтереди. Аўа, устаздың, оқытыўшының абыройы китапларда соншелли улығланады. Лекин бүгинги күнде, реал турмысымызда ше?… Машқала усы жерде! Оны шешиў ушын болса, нәзеримде, төмендеги еки әҳмийетли мәселеге дыққат қаратыў лазым болады:

Бириншиси – оқытыўшыға мүнәсибет.

Екиншиси – оқытыўшының өз кәсибине мүнәсип болыўы яки болмаўы мәселеси.

Биринши мәселе бойынша:

  1. Муғаллимниң бирлемши ҳәм қосымша ўазыйпалары.

Ҳәзир күнде муғаллим өзиниң бирлемши жумысы – оқытыўдан басқа (булардың атын санап адағына жетиў мүмкин емес: көше сыпырыў, тереклерди ақлаў, атыз ҳәм қурылыс ислерине тартылыў, түрли жыйналысларға қатнасыў, байрам илажларына оқыўшыларды, студентлерди таярлаў, қағаз ҳәм металлом жыйнаў, сайлаў қағазларын үйме-үй жүрип тарқатыў,оқыў ҳәм жатақхана имаратларында нәўбетшилик етиў ҳәм т.б… ) жумысларға жүдә көп тартылмақта. Ўәлаятлардағы мектеп, колледж ҳәм лицей оқытыўшылары жылдың талай ўақтында көшеден үйине келе алмай қалып атырғаны күндей рәўшан ҳақыйқат. Бул темада гәп кеткенде, бир шәкиртимиз (Н.Тоштемирова)диң «Сабақ» деген гүрриңи ядыма түседи. Гүрриңде әдебият сабағы сүўретленеди. Тема – «Әлишер Наўайы». Мектеп директоры муғаллим ҳәм оқыўшыларды бәҳәрги жумысларға тартпақшы болып, сабақ болып атырған класстың есигин қағады. Муғаллим қапыны ашады. Директор сабақты тоқтатып, оқыўшыларды тезлик пенен жумысқа алып шығыў зәрүрлигин айтады. Лекин, оқытыўшы сабақты шала қалдырып, оқыўшыларды жумысқа алып шыққысы келмейди. Есикти қулыплап, сабақты даўам еттиреди. Азы-кем ўақыт өтип, қапы және қағылады. Муғаллим сабағын өте береди. Есик қайта-қайта қағылады. Деген менен, бундай тапсырмалардан бийзар болып кеткен муғаллим оны ашып, оқыўшыларды физикалық мийнетке жибермейди. Ақырында, сабақ ўақты да, сабақ та жуўмақланады. Бул ўақытта болса, есик сынып кетер дәрежеде тарсылдайды. Сабағын жуўмақлаған оқытыўшы барып есикти ашады. Бул рет директор өзи менен бирге басқа басшыларды да жетеклеп келген болып, олар басшының буйрығына бойсынбаған муғаллимнен арза жазып, жумыстан кетиўин талап етеди… Мектеп басшылығының логикасына көре муғаллим айыплы. Ал, ҳақыйқатында ше? Ҳаслында, ол қаҳарман еди. Лекин, неге биз қаҳарманларымызды жазаламақтамыз? Қаҳарманлар жазаланар екен, жас әўладтан қаҳарман шыға ма?!… Ондай болса, қаҳарманы жоқ журттың тәғдири не кешеди!?..

  1. Оқытыўшы ҳәм бюрократизм.

Билимлендириўде қағаз соншелли көп, муғаллим олардың арасынан шығып оқыўшының, студенттиң алдына келе алмайды. Бул образлы мәниде, әлбетте. Негизинде, денеси келеди, бирақ, ой-қыялы қағазда қалады. Қағазбазлық өз исиниң устасы, шебер педагогты жумысқа жарамсыз қылып, геллесинде әлип ҳәм жоқ, лекин қағазларды бәржай етиўши ҳийлекерди төрге алып шығатуғын иллетдур. Себеби, мазмунға итибар беретуғын оқытыўшы қағазларды әҳмийетли санамайды. Өз исине берилген болады. Тилекке қарсы, ҳәзир көп орынларда қағаз ислеп атыр. Ҳәтте қағаз-ҳүжжетиң зор ма, демек, сабақ бериўдиң де қәжети жоқ деген гәп шыққан билимлендириўде. Усының тийкарында, билимлендириў басшыларының жанында қағазын тақлап, қол қаўсырып туратуғын қәўим пайда болған. Себеби, олар өз билимсизлигин қағаз бенен толтырмақшы болады (психология илиминдеги компенсация ҳәдийсесиниң әйне өзи!) Қағаз ислеп атырған әмелдеги билимлендириў системасында мине, усындай қағазбазлар тер төгип ислеп атырған, ҳақыйқый педагог, өз исиниң шебер қәнийгелери болса ислемей атырған болып қалып атыр, енди буған шек қойыў керек.

Оқытыўшы айлығы.

Ис ҳақы мәселеси де системадағы ең баслы машқалалардың бири. Ҳақыйқаттың көзине тик қарап, гәптиң тоқ етерин айтатуғын болсақ, муғаллим ҳәзирги айлығы менен шаңарағын баға алмайды. Ҳадал оқытыўшы руўзыгер тербетемен деп, екинши, үшинши жумыслардың басын усласа, ҳарамға үйренген оқытыўшы болса, тәлимдеги түрли процесслерде (мәс.. кириў ҳәм басқа имтиханлар ўақтында) коррупцияға қол урыў пайында болады. «Урлық қылыў имканияты урлықты пайда етеди» дейди ҳинд халқы. Билимлендириўде, улыўма, жәмийеттиң ҳеш бир тараўында урлық имканиятын қалдырмаў керек. Буның ушын болса, тәлимде, ҳәр бир муғаллимге жақсы ҳақы төлениўи тийис, «руўзыгеримди қалай пүтинлеймен?» деп оның ой-пикири шашырамасын. Мабада, оқытыўшы жақсы ҳақы алып та шын жүректен ислемесе, демек, бундай оқытыўшы билимлендириўдей муқаддес дәргайға ылайықсыз табылып, жумыстан пүткиллей азат етилиўи лазым болады.

Оқытыўшы – дөретиўши

Оқытыўшы дөретиўши инсан есапланады. Оның өз үстинде ислеўи ушын мүмкиншилик жаратыўымыз тийис. Япония бас министринен мәмлекеттиң технологиялық раўажланыўының сыры соралғанда, оның жуўабы сондай болған еди: «Биз оқытыўшыларға министрлердиң айлығын, дипломатлардың ғәресизлигин, императордың ҳүрметин бердик» Муғаллимди басы-аяғы жоқ илажлар өткизиў, яки сондай илажларға қатнасыўдан азат етип, ертеңги сабағына таярланыў ушын бос ўақыт қалдырыў ҳәм бул ўақыт ҳәм жумыс ўақты сааты есабына саналса қалай болар екен деп ойлап қаламан. 2017-жылда Европа мәмлекетлериниң биринде жумысқа барып келиў ушын жолда сарпланатуғын ўақыт ҳәм жумыс сааты деп есапланыўы туўралы қарар қабыл етилгенин оқыдым. Бунын менен бизлер де сондай қылайық демеймен. Билемен, көпшилигимиз бул ҳаққында  ойлаўға тайын емеспиз.  Мен ҳеш болмаса, муғаллимниң ислеген реаль саатлары ушын ылайық ҳақы төлейик демекшимен. Жақында бир сүўретке көзим түсти.  Онда түн картинасы ҳәм қөп қабатлы жай сүўретленген. Ҳәмме шырақлар сөнген. Тек биреўи жанық. Сүўреттиң астына қарасаңыз, мынадай сөзлер жазылған: МУҒАЛЛИМ. Мениңше, түсиндириўдиң қәжети жоқ. Ҳәмме уйықлағанда ҳәм мийнет ететуғын, соған мәжбүр болатуғын бирден-бир кәсип ийеси бул – оқытыўшы. Лекин бул мийнеттиң ҳақын төлей алып атырмыз ба? Ҳеш болмағанда, руўхый жақтан оның қәдирине жетип атырмыз ба?

Оқытыўшы ҳәм ҳәкимият.

«Ҳәкимият тәлимнен қолын тартыўы керек», деген гәплерди оқыдым социаллық тармақларда. Ҳақыйқатында да, неге ол билимлендириўге араласады? Оқытыўшы неге аўыл-хожалығы ҳәм яки қаладағы абаданластырыў, металлолом, қағаз жыйнаў (макулатура), сайлаў қағазларын тарқатыў, пуқараларды есапқа алыў менен шуғылланыўы керек? Ақыры, муғаллимге булар ушын ҳақы төленбейди ғой! Ҳәтте мәрдикарға да мийнет ҳақы бериледи. Қала берсе, оқытыўшының тийкарғы ўазыйпасы не еди?.. Ҳәкимияттың күши көп, бели қуўатлы болса, әне қанша жумыссыз адам бар, оларға жумыс берип, нызамлы түрде жаллап ислетсе, мыңлап жумыссыз аламанды жумыс пенен тәмийинлеген, буның менен шетке жумыс излеп кетип атырғанлардың санын азайтқан болар еди.

Екинши мәселе бойынша:

Оқытыўшы алдына қойылатуғын талаплар:

  1. Оқытыўшы өз пәнин пуқта билсин. Оқыўшы яки талабаның санасын ҳәм руўхын оятсын! Оған тараўдың тийкарын, фундаментал билимин бере алсын.
  2. Оқытыўшы сабақлық ҳәм оқыў қолланба шеңберинде қалып кетпесин. Еркин пикирлей алсын, оқыўшы ҳәм талабаны ҳәм соған үйрете билсин.
  3. Оқытыўшы қайсы пәннен сабақ берсе берсин, заман нәпесин сезинсин, дәўирди, инсан мойнына ўақыт жүклеп атырған ўазыйпаларды жақсы түсинсин ҳәм түсиндирип берсин. Жаңа оқытыўшының әлимсақтан қатып қалған сана-сезими себепли пүтин баслы пән оқытыўшылары оқыўшылар нәзеринде турмыстан үзилип қалмасын.
  4. Материаллық, руўхый ҳәм ҳуқықый тәрептен қорғалғанына қарамай, оқытыўшы өз орнына ылайық емес болса, яғный қәнийге сыпатында талапқа жуўап бермесе, я атына мүнәсип емес ис тутса, мәселен, дәмегөйлик қылса, оның мийнет дәптершесине сондай бир айрықша тамға түссин, бул тамға оны билимлендириў саласына жақынласыўға өмирликке жол қоймасын.
  5. II. Турақлы билимлендириў системасы мәселеси

Қатаң ислейтуғын, он жыллар даўамында тийкарғы өлшемлерди өзгертпейтуғын, мабада өзгерислер болса, оларды өзине сиңдирип алып, және де күшли болып баратуғын билимлендириў системасын жаратыўымыз тийис, деп ойлайман. Ҳәр жылы, ҳәр айда өзгерип туратуғын системаға болса сүйенип болмайды. Улыўма, жәмийетте ҳәрқандай система, егер қысқа ўақыт даўамында өзгерислерге ушырай берсе, бундай жәмийетте жасаўшы инсанлар өзлерин бахытсыз сезинеди. Тап сондай, жүдә тез өзгериўшең билимлендириў системасы да оқытыўшы шахсын шилпәрше етип таслайды. Нәтийжеде система да қалмайды, оны тутып турған оқытыўшы шахсы да қалмайды.  Устаз шахсы пүтин емес пе, демек, ол тәлим-тәрбия беретуғын оқыўшы-студентлер шахсыяты ҳаққында да айтып болмайды. Демек, ең әҳмийетли екинши мәселе турақлы билимлендириў ситемасын жаратыў болып табылады. Буның ушын, мениңше, төмендегилерге итибар бериўимиз тийис:

  1. Сабақлық ҳәм оқыў қолланбалар

Бүгинлиги сабақлық ҳәм оқыў қолланбалар жетиспеўшилиги себепли ҳәр бир оқытыўшы өз пәни бойынша «оқыў жыйнағы»н жазып алады. Анығырағы, комиссияның «нәзери» ушын жазады. Ҳаслында болса, бул сыяқлы ана жер, мына жерден көширилип муқабаланған топламлар ҳеш кимге керек болмайды. Пикиримше, керекли сабақлық ҳәм оқыў қолланбалар республикада бул иске уқыплы тәжирийбели алымлар топары, мәселен, Илимлер Академиясы институтлары қәнигелери яки өз тараўын пуқта ийелеген алым-оқытыўшылар, ҳәмде олардың арасынан еленген, сайланған исши топар тәрепинен жазылса ҳәм жетерли муғдарда басып шығарылса, мақсетке муўапық болады.  Сол мағанада сабақлық ҳәм оқыў қолланбалар пүткил Республикада стандарт ҳалға келиўи ҳәм де олардың муғдары жетерли болса пайдадан жырақ емес.

  1. Қәнигелик пәнлери

Қәнигелик бойынша пәнлерди күшейтип, тараўға байланысы аз болған пәнлерди я пүткиллей алып таслаў, я саатларды кемейтиў лазым болады. Болмаса, айырым жоқары математика, информатикаға уқсас пәнлер, мәселен социал-гуманитар факультетлерде ҳәдден зыят көп. Соның нәтийжесинде, мәселен, филология тараўларында студент өз тараўын жақсырақ билиўге имкан таба алмайды. Олардың ҳәзирги әдебий процесстен дерлик хабары жоқ. Дәўирдиң зәбәрдес жазыўшы, шайыр ҳәм драматурглерин жақсы билмейди яки улыўма танымайды. Мектепте еситкен я оқыған «Өткен күнлер» ден аржағына өте алмайды. Буның ушын тиккелей қәнигеликке байланыслы пәнлер саатын көбейтиў лазым болады.

  1. Тест мәселеси

Тест керек пе? Ол өзин қаншелли ақла(й)ды? Керек болса қайсы тараўлар ушын?         Яғный тестлерди салалар бойынша таңлап қолланыў керек пе яки жалпыламай енгизген дурыс па?.. Бул сыяқлы саўаллар неше жылдан бери көпшиликти ойлатады. Тест дизими реформаға мүтәж екенлиги, мәжилисте халық художниги Акмал Нурдың саўалына Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев берген тыянақлы жуўаптан-ақ мәлим еди. Сол ўақыттан Акмал Нур математикадан тест барлығы ушын сүўретшилик институтына не-не талантлы жаслар кире алмай атырғанлығын айтқанда, Президент сол ўақыттың өзинде-ақ бундай дөретиўшилик түринде математикадан тест не қылады, деген пикир билдирип, тестти алып таслаған еди. Буны көрип өзимниң «Болады екен ғо» деп қуўанғаным есимде. Ойлаўымша, тап усындай жуўап Республикамыз бойлап көплеп, әсиресе, социал-гуманитар салалар ушын зәрүр болып турыпты. Ҳәзирги күнде әмел етип атырған тестлердиң дәрежесине келсек, оларда нырыққа сыймайтуғын саўаллар жүдә көп. Көпшилик сораўларды мәниссиз ҳәм логикасыз деп атасақ та бола береди. Мәселен, филология, тил ҳәм әдебият жөнелислеринде бир қосықтан үзинди берип, «қашан, ким тәрепинен жазылған?» деген сораў қойылады. Бир қосықтың қашан ҳәм ким тәрепинен жазылғаны оқыўшы яки болажақ студентке не береди? Бундай сан көрсеткишлерин ядлап алыў жасларды қай жерге апарады? Мәңгүр болыўға емес пе? Оларды пикирлеўге мәжбүрлейтуғын саўаллар дүзилсе болмай ма? Оқыўға кириў еслеў саўашы болып кетпеди ме? Кимниң яды күшли болса, сол жеңимпаз ба? Бул қандай логика? … (Бабур «Бабурнамада» Улуғбек дәўиринде қатықулақ, жүдә бир күшли инсан болғанлығын, не еситсе, бүге-шүгесине дейин ядында сақлап қалатуғынлығын таңланып жазады. Лекин  қәне сол қатықулақлығы жүдә күшли инсан? Қәне, оннан қалған руўхый яки басқа мийрас? Яды оныкыне теңлесе алмаған  Улуғбек пенен Бабур болса бизлер менен бирге жасап киятыр! Демек, күшли ядқа ийе болыў жақсы, бирақ ол пайдалы болыўдың бирден-бир шәрти емес екен ғой! Жетер, солай екен, «еслеў жарысына» шек қойыў лазым!) Пикирлеў ше? Жуўмақлар шығарыў не? Турмысқа енгизиў ше?… Мәселен, «бул қосық қандай қосық: реалистлик пе, модернистлик пе, ҳәм не ушын? дегендей саўаллар дүзилсе, абитуриент бир сораўға жуўап табыў ушын қосықтың ҳәр түрли формаларынан хабардар болыўға умтылады, нәтийжеде әдебиятта реализм, модернизм деген ҳәдийселердиң мазмунын түсиниўге ҳәрекет етеди. Бул ҳәдийселер тиккелей пәнниң негизи менен байланыслы. Демек, тест саўаллары пәнниң тийкарларын, мазмунын билиўге қаратылған болыўы тийис, ҳасла ҳеш қашан, ҳеш қандай шәраятта пайдасы болмайтуғын қуры информацияны ядлаўға емес. Бир ўақытлар, XX әсир басларында ески мектеплерде оқытылған «Ҳавтияк» (Қуранның жетиден бир бөлеги)ты үйрениўге арналған сабақлар мәниси түсиндирилмейтуғын, қуры ядлаўдан ибарат сабақлар деп сынға алынған еди. Бүгин тест дизими «шарапаты» менен өзимиз де әне сол ески мектеп дәрежесине түсип қалмадықпекен деген ойлар қыйнайды мени. Билимлендириў системасының реформаға мүтәж екенлиги және сол нәрседе көринеди, лицейлер оқыўшыны жоқары оқыў орынларына таярлаў ушын мөлшерленген болса да, балаларымыз лицейлерде емес, ата-аналарының не-не пулларын сарплап репетитордың қолларында оқымақта. Репетитор да алған пулы есесине абитуриентти пикирлеўге емес, қуры ядлаўға үйретеди. Ядланған информациялар болса турмыста дерлик дәртке аспайды.  Нәтийжеде «Тәлимди турмыс пенен байланыстырайық! деп жар салғың келеди.        

  1. Шығарма ҳәм аўызеки имтихан

Шығарма жазыўды қайта жолға қойыў керек. Шығарма саўатлылықты баҳалаўдың ең оптимал усылы. Өткен жылы Әлишер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университетинде кириў имтиханларының бири сыпатында жолға қойылды ҳәм жүдә дурыс қарар етилди. Соның ушын да студентлеримиз арасында батыллары көп. Және, әсиресе, социаллық-гуманитар салаларда аўызеки имтихан шәрт етип қойылыўы мақсетке муўапық. Аўызеки имтихан кириў имтиханын ҳәм оқыў процесинде де керек. Тест  жүдә улыўма түсиник.  Ол абитуриенттиң улыўма таярлығын емес, анаў яки мынау конкрет саўалға  конкрет жуўапты тексереди, болғаны. Пән бойынша, ең алды менен улыўма билим, абитуриенттиң дүньятанымы ҳәм пикирлеў-ойлаў уқыплылығы баҳаланыўы тийис. Тест көбирек анық пәнлерде өзин ақлаўы мүмкин. Соның ушын да социал-гуманитар салаларда оның үлесин минимумға түсириў жүдә актуаль мәселе саналады.

  1. Шет елден (сырттан) үйрениў тенденциясы

Көлмекте мәңгилик қалып күн кешириў балық ушын қайғы емес, лекин жоқары сана ийеси болған инсан ушын апатшылық пенен барабар. Әсиресе, ҳәзир! Соның ушын ҳәм дүньяның алдыңғы жәмийетлери жетискенликлери тығыз тәризде үйренилмекте. Бул – жақсы. Ақыры, велосипедти қайта ойлап таўып отырыў кимге ҳәм неге керек? Лекин бул мәселеде өлшемди сақлаў лазым деп ойлайман.  Яғный, шет елден үйрениў шет елге сыйыныўға айланып кетпесин. Шетте алып атырған ҳәмме нәрсемиз де жақсы болмаўы, керисинше, ески деп өзлеримиздиң ўаз кешип атырған барлық ислеримиз де жаман болмаўы мүмкин. Яғный, ләгендеги кир суўы менен қоса, ишиндеги баланы да төгип жибермейик. Таңлайық, елейик. Мен өзим жәҳән әдебияты бойынша инглис тилинде жазылған еки-үш сабақлық ҳәм қолланбаларды дилмаш жәрдеминде көрип шықтым. Ҳәтте, батыс әдебиятының үлкен жазыўшыларынан Жеймс Жойсқа арналған бөлимин аўдарма еттирдим. Нәтийжеде, соған исенимим артты, шет елде темаға еркин жантасыў жүдә күшли болып, әдебий портрет эссе жанры усылында еркин жазылған болып шықты. Негизинде, сабақлық болғаннан кейин талаба яки оқыўшыға ең дәслеп фундаментал билим бериў зәрүр болады. Метод та илимий болыўы талап етиледи. Демек, социал-гуманитар тараўларда өзимизде қәлиплескен усыл – студентке, бәринен бурын фундаментал илим бериў жолы ҳәр тәреплеме өзин ақлайды. Оннан ўаз кешиў пәнниң түп мазмунынан узақласыў демекдур. Эссе жолында жазылған басқа әдебиятлар (соның ишинде шет ел әдебиятлары) болса, қосымша дәрек сыпатында усыныс етилиўи мақсетке муўапық болады. Анық пәнлерде болса картина және де басқаша болыўы мүмкин ҳәм сол «басқашалық» есапқа алыныўы лазым.

  1. Қәниге кадрлар ҳәм «еплемей»лер

Бақлаўымша, ҳәр бир тараўдың жетик маман қәнигелериниң әдеўир бир бөлеги тараўдан тысқарыда неийбесин терип жүр. Тараўдың өзинде болса еле писип жетилмеген, кадр сыпатында жүдә қам, гейде болса тараўға пүткиллей жат, лекин шөлкемлестириў мәселелеринде басшы не десе «зуў» етип ушып орынлайтуғын жағымпаз, шахсиятсыз «еплемей»лер көбейип кетип, билимлендириў сапасы жүдә түсип кетти. Нәзеримде, шетте, ҳәтте басқа тараўларда ислеп жүрген тәжирийбели кадрларды, өз тараўының ҳақыйқый маманын және тараўға тартыў, «еплемей»лер энергиясын да пәнге бағдарлап көриў, мабада, буннан бир мәп болмаса, олардан пүткиллей ўаз кешиў жолынан барыў керек. Себеби, тап сондай «еплемей»лер тәжим ете-ете, ақыры, бир күни гүрсини ийелеп алады да, енди өзлери де өзине тәжим етиў мәресимин баслап жибереди. Нәтийжеде, бундай жалпылдақлар бас болған мәкемеде тараў ыдыраўға бет бурады.

  1. 7. Пиар

Билимлендириў тараўында пиар көбейген үстине көбейгенин айтыў лазым. Ҳәтте, бул сол дәрежеде, гейде оқытыўшы сабаққа кирип, 50 студенттен 25 ин таба алмайды.  «Қәне олар?» деген сораўға «илаж яки байрамға таярлық көрип атыр, жоқарыдан рухсаты бар» деген жуўапты алады. Байрамлар болсын! Олар ҳәммемиздики! Лекин, байрам, илаж, мәресимлерди шөлкемлестириўдиң басқа жоллары жоқпекен? Ақыры студент бул дәргайда не ушын жүрипти? Олардың бирлемши ўазыйпасы не еди? Бул барыста ертең ол қәнийге сыпатында ким болып жетиседи ҳәм кимлерди тәрбиялап береди?.. Бул ҳаққында тереңирек ойлаў керек.

  1. Комиссия

Сыр емес, билимлендириў тараўын тез-тез комиссия «басып» турады. Әлбетте, бул ис қадағалаўдай ийги нийетте әмелге асырылады. Лекин гәп теориялық жақтан ғана дурыс. Әмелде комиссия бақлаўы өзин ақлап атырған жоқ. Комиссия ағзалары сабақтың сапасын тексермейди. Себеби, олар, әдетте тараў қәнигеси болмағаны ушын реал сабақ сапасын тексере алмайды. Соның ушын да қағазға, ҳүжжетке жабысады. Қағазды олар ядқа биледи. Хат-ҳүжжет  жайында болса қуба-қуп, керисинше жағдайда, жаман баҳа берип басшылардың кейпиятын түсиреди. Басқарма (админстрация) болса өз нәўбетинде бар ашыўын оқытыўшыдан алады. Егер оқытыўшы Республикадағы ең алдыңғы қәниге болса да қағазында бир кемшилик табылса, ол пүткиллей ислемей атырғанлыққа шығарылады, сөгис жәрияланады. «Және тәкирарланса, арза жазасаң!» деп ескертиледи. Нәтийжеде талай оқытыўшылар мың түрли тапсырмадан қалған ўақтын сабақтың сапасына емес, ал, хат-ҳүжжеттиң «пуқталығына» бағышлайды. Буның қандай ақыбетлерге алып келиўи болса сыр емес. Себеби, сол ҳүжжет комиссиядан басқа ҳеш кимге керек емес, мәлим ўақыт өткеннен кейин  макулатураға тапсырылады. Демек, көпшилик ҳалатларда оқытыўшының кеминде ярым күши, жүйкеси, өмири макулатураға айланып атырған қағазларға сарпланып сап болмақта.

  1. Маманлықты арттырыў

Билимлендириўде ҳәр үш жылда тәжирийбе асырылады. Заман тезлик пенен өзгерип баратыр. Демек, ҳәр бир тараўда бул ўақыт даўамында өзине жараса жаңалықлар жүз берген болады ҳәм қәниге сол жаңалықлардан хабардар болыўы талап етиледи. Теориялық жақтан ҳәммеси дурыс. Лекин, әмелде бул бағдарда да бир талай машқалалар бар. Машқала сонда, оқытыўшы маманлығы өзи сабақ беретуғын пәннен тысқары жүдә көплеп басқа пәнлер бойынша асырылыўы да талап етиледи. Ақыры, бул пәнлер улыўма мәниде керек, лекин қәниге сыпатында оған дәслеп, өз пәниндеги жаңалықлардан хабардарлық зәрүр болмай ма? Ҳәр бир заманагөй оқытыўшы, мәселен, компьютерди өз искерлигине жетерли дәрежеде ийелеген болады. Солай екен, оннан компьютерди программаластырыўшысы ушын ғана керекли болатуғын мағлыўматларды ядтан билиўди талап етиў кимге ҳәм неге керек? Ақылға сыймайтуғын талаплар! Бул ҳалат жоқарыда еслегенимиздей – болажақ сүўретшиден математиканы талап етиўдей гәп. Және бир машқала соннан ибарат, маманлық асырыўдың мүддети еки ай. Бул жүдә узақ мүддет. Әсиресе, ўәлаяттан келетуғын оқытыўшылар шаңарағынан сонша ўақытқа ажыралып шығады, оған бул еки ай ушын төленетуғын ис ҳақысы да жол ҳәм аўқат ғәрежетлерине жумсалады. Бундай жағдайда оның шаңарағы не менен тиришилик етеди? Қала берсе, маманлығын асырыў курсларындағы суўық ҳәм қопал мүнәсибетлер оқытыўшы кеўлин шөктиреди. Қәнигелик пәнлери азайтылып, уқсас екинши дәрежели пәнлер еки ай даўамында оқытылады ҳәм сол пәнлер бойынша дүзилген қурамалы саўалларға тест арқалы жуўап бериў талап етиледи. Бул саўаллар характери абитуриентлерге берилетуғын сораўлардан онша парық етпейди. Мазмунды ашыўға емес, қуры ядлаўға қаратылған сораўлар олар. Мен өз көзим менен сол саўалларға жуўап бере алмай ҳәммениң алдында жас баладай қысыныспада қалған профессор-оқытыўшыларды көрдим. Олар өз тараўларының билимданлары болыўына қармай, «маманлық асырыўдан өте алмады» (аттестация) деген шерменделикти көтерип жүриўге мәжбүр болысады. Соларды есапқа алып, тәжирийбе арттырыў курсларын 1 айға түсириў, ҳәмде ҳәр бир ўәлаят оқытыўшыларының өзи жасайтуғын жерге жақын аймақлық  маманлықты асырыў курсларына тартыў, сондай-ақ, тәжирийбе арттырыўда оқытылатуғын пәнлер имканы барынша, тараўға байланыслы болыўын тәмийинлеў келешегимиз мақсетине муўапықдур. Тараўға байланыслы емес пәнлерден болса, тест тапсырыў талап етилмеўи лазым.

  1. Таңлаў

Билимлендириўде коррупция, таныс-билислик ҳәм ғәррем жолларға шек қойып, абитуриентлерди ҳадал жол менен таңлап алмас екенбиз, жумысты соннан басламас екенбиз, тараўда ҳақыйқый мәниде өзгерис етиў қыйын. Себеби, анық пәнге мейил баланы гуманитар пәнге, гуманитар пәнге ылайығын болса анық пәнлерге қабыл етиў қәтелесиўдиң басы. Бул бала өз қәбилетиниң ярымын да жумсай алмайды. Басқаша айтқанда, зооветеринар болыўы керек болған бала жигирма жыл топ тепсе де футбол майданында мәмлекет намысын мүнәсип рәўиште қорғаўдың үддесинен шыға алмайды. Яки нан жаўып жүрсе, елге көбирек пайдасы тийетуғын жигиттиң напәк жол менен арттырған дипломы ҳәм тамыр-танысы арқасында  келип анаў яки мына мәкемеге басшылық етиўи сол мәкемениң кризисиниң әйне өзи. Соның ушын ҳәм ҳәр бир инсанның тәбияты, қызығыўшылығы, уқыплылығынан келип шығып кәсиплерге, оқыўларға бағдарлайтуғын системаны тезирек жаратыўымыз тийис. Мен «Мувозанат» (Теңсалмақ) романында бул туўралы көзқарасларымды бираз толығырақ жарытыўға ҳәрекет қылғанман.

Жуўмақ 

Шыпакер  инсан денесин даўалайды. Муғаллим болса оның санасы ҳәм қәлбине кирип барады. Жәмийетте медицина ҳәм шыпакердиң орны қаншелли әҳмийетли болса, оқытыўшының орны ҳасла оныкинен  кем емес. Тек шыпакердиң жетискенлиги жүдә тез яки сол заматта-ақ билинсе, оқытыўшының пайда-зәлели узақ жыллар өткенде ғана аян болады. Тийкарында, оқытыўшының тәсир шеңбери күтә кең. Пүтин-пүтин халықлар тәғдири оқытыўшыларға, олардың сапасына байланысы екенлиги бүгин ҳеш кимге сыр болмай қалды. Жетер, солай екен, келешегимизге бийпәрўа қарамайық. оқытыўшы жас әўладты кәмалға жеткизеди. Жас әўлад болса келешекке ийе шығады. Ҳәммемиз – жас ҳәм ғарры келешегимиздиң, ертеңимиздиң нурлы болыўынан мәпдармыз!

Жақында жигирма үш-жигирма төрт жаслардағы, урыныўларының төртинши жылында оқыўға кириўге миясар болған биринши курс студенти мынадай деп қалды: «Билимлендириўде қыңыр ислер соншелли көп тамыр атқан. Жеке өзим ҳеш ҳандай реформаға исенбеймен!»  Неге? Не ушын билимлендириў сондай аўҳалға келип қалды? Неге айырым жасларымыз билимлендириўге, оның реформаласыўына исенбей қойды? Исенимди қайтарыў ушын не ислеў керек?.. Ойлаўымша бул сыяқлы аўыр саўалларға енди жуўаплар табылады ҳәм бериледи. Өзбекстан Президентиниң «Ҳәрекетлер стратегиясы» ның 4.4. бәнтинде көрсетилген «Билимлендириў ҳәм илим тараўын раўажландырыў» ҳаққындағы көрсетпелери тәлимди түптен реформалаў зәрүрлигин билдиреди. Демек, реформа зәрүрлиги ҳүкимет дәрежесинде қабыл етилип,  оны дүзетиўге ҳәрекет етилип атыр екен, өз ҳәм шет мәмлекетлик тәжирийбемизден келип шыққан ҳалда, журтымыздың усы тараў ўәкиллери билимлендириў системасы менен байланыслы усыныс-пикирлерин ортаға таслаўлары  керек деп ойлайман. Бар машқаланы көрип турып көрмегендей жүриў болса зиялыға, улыўма инсан деген атқа жараспайды. Керисинше, ҳүжданы, қәлби ояў ҳәр бир зиялы инсан жәмийеттеги машқалалардан жар салып турыўшы SOS сигналына айналыўы тийис, нәтийжеде Ўатан деп аталған муқаддес кемемиз суўларға шөкпесин! Мен бул битикти сондай уллы мақсетте жаздым. Болмаса, университетте сабақ беретуғын оқытыўшы сыпатында биреўден, бирер басшыдан наразы болып қолыма қәлем алмадым. Яғный мениң пүткил ой-пикирлерим  Республика тәлим системасы менен байланыслы, ҳасла әлле бир басшыға қаратылған емес. Ақыры, басшылар да өзимиздики. Елимиздиң перзентлери, олар бийгана емес. Исенимим кәмил,  система реформа етилер екен, басшылар да өзгереди, жумыс алға өрлейди.

Биз келешеги уллы мәмлекет қурмақшымыз. Мен бул туўралы жүдә көп ойладым.  Ақыры, сондай жуўмаққа келдим, бизиң уллы болыўдан басқа шарамыз да жоқ екен.  Уллы бола алмасақ, бул өзгериўшең мийримсиз дүньяда жасап қалыўымыз өгада мүшкил! Себеби, «Дүнья – бизики!» деп жар салып атырған жүдә әзим күшлер арасында жасап атырмыз. Бүгин ҳәм келешекте оларға тең келиў ушын, олардың кейпияты ҳәм режелерине ерип, ассимиляция болып кетпеў ушын да уллы болыўымыз шәрт! Келешек, мәлим болғанындай, жаслардыки! Жаслар болса оқытыўшылардың, тәрбияшылардың қолында! Демек, устазға туўры мүнәсибетти қәлиплестирмес, билимлендириў системасын туўры жолға қоймас екенбиз, арзыўлар әрманға айланыўы ҳеш гәп емес. Буннан болса жаратқанның өзи сақласын!

Әлбетте, бул битиктеги ой ҳәм усыныслардан да тыянақлырақ, конструктивирек усыныслар Сиз әзизлерде болыўы мүмкин. Мен буған исенемен! Оларды ортаға таслап, анализ етип, мәсләҳәтлессек, ҳәм де шығарған жуўмақарымыздың ең жақсыларын Республика тәлим системасындағы белсенди, жуўапкер басшы досларымыз сайлап алып, әмелиятқа енгизсе,  үмит етемиз, келешек әўлад буның ушын ҳәммемизден миннетдар болады.

 

Улығбек Ҳамдам,

жазыўшы