Қуўанышлы хабар
2-9-март, 2023-жыл. Ташкент. «ЖАР» стадионы. Қылышласыўдың сабля ҳәм шпага түрлеринен жас өспиримлер ҳәм жаслар арасында Азия чемпионатына быйыл да Ташкентте өткерилмекте. Өткен жылы 44:45 упай менен Қазақстан командасына финалда алтын медальды берип, өзлери чемпионаттың гүмис медалы менен шекленген сабляшы қызлар быйыл алтын медаль ушын упайды биримлеп жыйнады. Австралия командасын утып, ярым финалда Япония қызларын 37:45 есабында жеңилиске ушыратып, Өзбекстан командасы финалда Корея қызлары менен түсти. Қызғын өткен жарыс 45:36 есабында Өзбекстан сабляшы қызларына несип етти.
Миллий команда қурамында қарақалпақстанлы Гүлистан Пердебаева ҳәм Аякөз Жумамуратова бар екени мақтанышлы.
Гүлистан хам Аякөз қызларымызды Азия чемпионы титулына ерискени менен қутлыклаймыз!
Қарақалпақстан хабар агентлиги