Бүгинги күнде жәмийетимиздиң қайсы бир тараўын алып қарамайық, онда пидайы мийнет етип атырған ҳаял-қызларымыз мәмлекетимиздиӊ раўажланыўы жолында мүнәсип үлес қосып келмекте. Ҳақыйқатында да Президентимиздиң ҳаялқызларға жоллаған байрам қутлықлаўында «Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде пидайы мийнет етип киятырған ҳүрметли ҳаялларымыздың үлеси 77 процентти, билимлендириў тараўында – 74 процентти, экономика ҳәм санаат тармақларында болса 46 процентти қурайтуғыны» айрықша атап өтилди

Бул бағдарда Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында жасларға тәлим-тәрбия сырларын үйретип атырған профессор-оқытыўшылардың 43 процентин ҳаял-қызлар қурайды. Олардыӊ арасынан 2 илим кандидаты, 5 доцент ҳәм 1 профессор, соның менен бирге, көркем өнер ғайраткерлери, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артистлери, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына хызмет көрсеткен артист, «Ниҳол» сыйлығы лауреаты, Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлық ийелери болған көплеген ҳаял-қызларымыз мийнет етип келмекте.

Соны айрықша атап өтиўимиз тийис, 2022-2023-оқыў жылында филиалымыздыӊ ҳаял­ профессор-оқытыўшылары илимий дөретиўшилик бағдарында бир қатар табысларды қолға киргизди. Атап айтқанда, Көркем өнертаныў факультетиниӊ деканы, тарийх илимлериниң кандидаты Г.Ходжаметова профессор атағы, Социал-гуманитар пәнлер кафедрасыниӊ баслығы, тарийх илимлериниң кандидаты Л.Уразова ҳәм Мәденият ҳәм китапхана жумысы кафедрасыныӊ баслығы Г.Сапарбаевалар доцент илимий атағын алыўға миясар болды. Мәденият ҳәм китапхана хабар жумысы кафедрасыныӊ ассистент оқытыўшысы Г.Бектурсынова Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги тәрепинен жас алымларды сырт ел илимий мәкемелерине қысқа мүддетке стажировкаларға жибериў бойынша шөлкемлестирилген таңлаўда жеңимпазлықты қолға киргизип, Россия театр көркем өнери институтында бир айлық илимий стажировка өтеў сертификатын жеңип алды.

Және бир қуўанышлы жағдай, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты Ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери комитетиниң 2022-жыл 8-ноябрьдеги 128-санлы қарары ҳәм Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2022-жыл 22-декабрьдеги «Жоқары билимлендириў мәкемелеринде илим-билимлендириў тараўында жоқары нәтийжеге ерискен атақлы өзбек ҳаяллары аты менен аталыўшы стипендияны енгизиў ҳаққында»ғы буйрығы тийкарында, филиалда Марияш Исмайлова атындағы стипендия енгизилди. Әлбетте, бул филиал ушын үлкен мақтаныш есапналанды.

Сондай-ақ, 2022-жылы төрт студент қызымыз  мәмлекетлик стипендия жеңимпазы болды. Олардан «Кино, телевидение ҳәм радио сес режиссёрлығы» тәлим бағдарының 4-курс студенти Шахрибану Реймова Өзбекстан Республикасы Президент  мәмлекетлик стипендиясы, «Сахна ҳәм экран көркем өнери драматургиясы» тәлим бағдарының 3-курс студенти Нозима Улуғова Ислам Каримов атындағы мәмлекетлик стипендия, «Вокал атқарыўшылығы» тәлим бағдарының 3-курс студенти Маржан Аллиярова И.Юсупов атындағы мәмлекетлик стипендия, «Сахна ҳәм экран көркем өнери драматургиясы» тәлим бағдарының 3-курс студенти Шахноза Қудайбергенова Т.Қайыпбергенов атындағы мәмлекетлик стипендия жеңимпазлығын қолға киргизди.

Усы жыл республикамызда өткерилген байрам салтанатында филиал Ҳаял-кызлар кеңеси баслығы Оралхан Кдырниязова көп жыллық мийнети ҳәм жәмийетлик жумыслардағы белсендилиги ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары менен “Ўатан пидайысы” көкирек белгиси ҳәм Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң «Ҳүрмет жарлығы» менен сыйлықланды.

Әлбетте, айта берсек, жетискенликлеримиз, қолға киргизген табыслармыз көп. Бул жетискенликлер елимизде ҳаял-қызларға болған итибар ҳәм оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бағдарында алып барылып атырған жумыслардың әмелий көриниси есапланады.

Өмиримиздиӊ гүли ҳәм нуры болған бәрше ҳаял-кызларды жасарыў ҳәм жаңаланыў әййямы менен және бир мәрте қутлықлап, перзентлеримизди бәркамал, саламат инсанлар етип тәрбиялаў, илим-билимлендириў тараўындағы ийгиликли ислеринде табыслар тилеймен.

Аманжол АЯПОВ,

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият

 институты Нөкис филиалы директоры,

филология илимлериниң кандидаты.