Өзиниң шексиз меҳир-муҳаббаты ҳәм пидайылығы, сабыр-тақаты менен шаңарақларымызда, пүткил жәмийетимизде тынышлық, татыўлық ҳәм аўызбиршиликти сақлап, перзентлеримизди мәрт, кәмил инсан етип тәрбиялап атырған ҳаял-қызларымыздың байрамы болған «8-март-Халықаралық ҳаял-қызлар күни» Кегейли районында да кең түрде белгиленип өтилди.
Сәне мүнәсибети менен райондағы пайызлы орынлардың биринде салтанатлы байрам илажы шөлкемлестирилди.
Илажда район ҳәкими Дәўлетбай Утемуратов бәрше аналарымыз ҳәм ҳаял-қызларымызды байрам менен шын жүректен қутлықлап, олардың ерлер менен бир сапта турып халық хожалығының ҳәр қыйлы тараўларында мийнет етип жәмийетимиздиң раўажланыўына қосып атырған үлеслерин жоқары баҳалады.
Сондай-ақ, илажда өзлерине жүкленген жуўапкерли ўазыйпаларды инабат пенен атқарып киятырған бир қатар ҳаял-қызлар, жәмийетлик жумысларда өзлерин көрсетип киятырған оқыўшыларға район ҳәкимлигиниң Ҳүрмет жарлығы ҳәм байрам саўғалары тапсырылды.
Байрам районлық мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы