Пакистан мәмлекетиниң Файсалабад қаласында гандбол бойынша 2006-жылы туўылған ҳәм оннан киши жастағы (U-18) ҳәм 2004-жылы туўылған ҳәм оннан киши жастағы (U-20) қызлар командалары арасында өткерилген “IHF Trophy – Central Asia Zone III” (IHF Кубоги – Орайлық Азия III регионы) жарысында Өзбекстан сайланды командасы сыйлы биринши орынларды ийеледи.
Еки жас категориясында барлық ушырасыўларда жеңиске ерискен гандболшы қызларымыз жарыс шөлкемлестириўшилери тәрепинен алтын медальлар, кубок ҳәм саўғалар менен сыйлықланды.
U-18 сайланды командамыз Тәжикстан сайланды командасы үстинен 56:5 есабында жеңиске ерисип, мүддетинен алдын чемпионлықты қолға киргизди. Буннан алдын Пакистан сайланды командасын 50:17, 48:14 ҳәм Тәжикстан командасын 61:6 есабында жеңилиске ушыратып, IHF кубогының – Азия регионы басқышы жолламасын қолған киргизди. U-20 сайланды командамыз да турнирде әжайып ойын көрсетти. Олар қарсыласлардың дәрўазасын 261 мәрте анық нышанға алып, өзлериниң дәрўазасынан 50 топ өткерди.
Өзбекстан сайланды командасының бул жеңисине қарақалпақстанлы спортшы қызлар да өзлериниң үлеслерин қосты. Атап айтқанда, U-18 сайланды командасының қурамында Дилфуза Ибрагимова, Гүлзада Турғанбаева, U-20 сайланды командасының қурамында Шаҳло Абыллаева ҳәм Сарбиназ Сапарбаевалар қатнасты.
Спортшы қызларымызды ҳәм олардың тренерлерин 8-март – халықаралық Ҳаял-қызлар байрамы ҳәм бул жеңиси менен қутлықлап, алдағы жарысларда да жеңис тилеп қаламыз
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы