Кеше Ташкент қаласындағы футбол бойынша 20-жасқа шекемги жаслар арасында Азия кубогине старт берилди.

“А”  топарынан орын алған дәслепки ушырасыўда Индонезия сайланды командасы ағзалары ираклы футболшылар менен ушырасып, онда ираклы жаслар 2-0 есабында жеңиске еристи.

Ал, усы топардың екинши ойынында болса, Азия чемпионы болыўды мақсет еткен Равшан Хайдаров басшылығындағы Өзбекстан сайланды командасы сирия футболшылары  менен ушырасты.

Ушырасыў өзбекстанлы футболшылардың жедел ҳәрекетлери менен басланды ҳәм олар тәрепинен бир қатар қәўипли ҳүжимлер шөлкемлестирилди. Усындай ҳүжимлердиң биринде командамыздың ҳүжимшиси Аббасбек Файзуллаев жәрийма тобын әжайып усылда жоллап, сайланды командамызды есапта алдыға алып шықты.

Бул голдан соң да өзбекстанлы футболшылар тәрепинен бир неше қәўипли ҳүжимлер шөлкемлестирилди. Бирақ, тилекке қарсы, футболшылар бул имканияттан нәтийжели пайдалана алмады.

Ушырасыўдың екинши бөлиминиң 68-минутында Файзуллаев тәрепинен жәрийма майданына мүйештен узатылған топ сириялы футболшының басына тийип, және голға айланды.

Буннан кейинги ўақытларда есап басқа өзгермеди. Солай етип Өзбекстан сайланды командасы 1-турдан соң өз топарында Ирак сайланды командасы менен бирге жетекшилик етпекте.

Ал, «В» топарында өткен Иран-Қатар ойынында болса 1-0 есабы менен иранлы футболшылар жеңиске еристи.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы