Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети архитектура факультетиниӊ бир топар студентлери Хорезм ўәлаятында саяхатта болып қайтты.
Факультет тюторы Г.Жубанованыӊ басшылығында олар Хийўа қаласыныӊ тарийхый орынлары менен танысты.
-Жаслар арасында ишки туризмди раўажландырыў, оларды тарийхый орынларға алып барыў, сол арқалы мәмлекетитимиздиӊ ҳәм халқымыздыӊ бийтәкирар өтмиши менен жақыннан таныстырыў бүгинги күнниӊ әҳмийетли ўазыйпасы болып есапланады,-дейди факультет тюторы Гүлбәҳәр Жубанова.-Себеби ата-бабаларымыздан бизге қалған әжайып мийрас жасларымыз ушын бийбаҳа байлық болып табылады. “Журтым бойлап саяхат” руўхыйлық илажын өткериўден тийкарғы мақсет те мине усыдан ибарат.
Жаслар Хийўа қаласыныӊ бир қатар тарийхый орынларын зыярат етип, өзлерине керекли көплеген мағлыўмат алды. Бундай руўхыйлық илажлары алдағы ўақытлары да даўам етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги