2023 жыл 9-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласындағы жеке гүрес  түрлерине қәнигелескен спорт мектебинде Республикамызда гүрес спорт түрлериниң раўажланыўына салмақлы үлес қосқан Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен денетәрбия ҳәм спорт хызметкери, еркин, миллий ҳәм дзюдо гүреслери бойынша спорт шебери Жақсымурат Мәмбетовтың 80 жасқа толыўы мүнәсибети менен еркин гүрес бойынша ересеклер арасында республикалық турнир болып ѳтти.



Турнирдиң ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Жаслар сиясаты ҳәм спорт   министри ўазыйпасын атқарыўшы А. Алланазаров шығып сөйлеп, Ж.Мамбетовтың республикамыз спортын раўажландырыўға қосқан үлесин айтып өтти ҳәм юбилярға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының арнаўлы қарары менен тастыйықланған  «Ардақлы нураный» көкирек белгисин тапсырды.

Республикамыздың барлық аймақларынан спортшылар қатнасқан жарыс жуўмағында, 57 кг салмақта Еркинбай Абдиуайтов, 61 кг да Жасур Палымбетов, 65 кг да Алпамыс Қыдырниязов, 70 кг да Султанбек Жумабаев, 74 кг да Султанбек Елмуратов, 79 кг да Арыслан Жумабаев,  86 кг да Арыслан Хожаназаров, 92 кг да Вахиджан Юлдашев,  97 кг да Әжинияз Сапарниязов, 125 кг да Динмуҳаммед Нурмуҳаммедовлар жеңип алыўға миясар болды.

Жарыс соңында жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом ҳәм саўғалар менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы