Президент Шавкат Мирзиёев 8-февраль күни Ташкент метрополитениндеги қурылыс жумыслары менен танысты.

Инсан ушын өз мийнетлериниң нәтийжесин көриў, адамларға қуўаныш бағышлаў – үлкен бахыт. Мәмлекетимизде халықтың мүшкилин аңсат, узағын жақын етиўге қаратылған бундай ийгиликли жумыслар жүдә көп.

Тек ғана транспорт тараўын алғанда, кейинги жыллары үлкен жойбарлар әмелге асырылды. 2020-жыл августта Ташкент жер үсти метросының биринши басқышы иске қосылған еди. Сол жылы декабрьде Сергели жөнелиси ашылды. Ҳәзирги күндеги жолаўшылар ағымынан билиў мүмкин, бул жойбарлар өзин толық ақлады.

Бул жумыслар избе-из даўам еттирилип, усы еки жөнелисти байланыстырыўшы Қойлықтан Сергелиге шекемги метрополитен қурылмақта. Дерлик 12 километрлик бул бөлегинде 7 бәндирги болады. Ҳәзирги күнлери оның Қурылысшылар майданына шекем барған 5 бәндиргиси қурып питкерилди.

Мәмлекетимиз басшысы усы транспорт объектин барып көрди. Нураныйлар ҳәм белсендилер менен сәўбетлесиўде жойбардың әҳмийети ҳаққында сөз болды.

– Кейинги жыллары бул бағдарда да тәжирийбе жыйнадық. Қойлық жөнелисинде 7, Сергелиде 5 бәндиргили жер үсти метролары қурылды. Алдын Ташкент метрополитенинен 240 мың жолаўшы пайдаланған болса, ҳәзирги күнде 600 мыңнан асты. Режемиз – 1 миллион жолаўшы. Егер өз ўақтында оны басламағанымызда, қала транспортында коллапс болыўы мүмкин еди. Енди альтернатия энергетиканы да үйренбесек болмайды,-деди Шавкат Мирзиёев.

Президентимиз жәмийетшилик ўәкиллери менен бирге метрода жүрди.

Қурылысшылар майданынан Қыпшақ бәндиргисине шекемги дерлик 4 километрлик метро жолы да жақын айларда иске қосылады. Усы тәризде, Қойлық ҳәм Сергели арасындағы қатнаў ўақыты 15 минутты қурайды. Бул жөнелис бир күнде 40 мыңға шамалас жолаўшыға хызмет көрсетиў қуўатлылығына ийе болады.

Оның есабынан жеке транспортларға талап азайып, тығылыс сапластырылады. Атап айтқанда, Қойлық – Сергели жөнелисинде ҳәрекетленетуғын күнлик автомобильлердиң саны 40 мыңға шекем қысқарып, транспорт ағымы 12 процент азайыўы мүмкин.


Улыўма, бул басқыш қурып питкерилиўи менен Ташкент метрополитениниң жәми узынлығы 70 километрден аслам, бәндиргилер саны 50 болады. Метрода жүриўши күнлик жолаўшылардың саны 650 мыңға шекем жетеди. 245 жаңа жумыс орны жаратылады.

ӨзА