Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдоған Россия жетекшиси Владимир Путин менен телефон арқалы сөйлесиў ўақтында еки тәреплеме қатнасықлар, Украинадағы жағдай ҳәм Сирия кризисин додалады. Бул ҳаққында Түркия басшылығы администрациясының баспасөз хызмети хабар берди.

«Путин ҳәм Эрдоған Түркия менен Россия арасындағы қатнасықлар, атап айтқанда, энергетика сондай-ақ, регионаллық мәселелерди көрип шықты», делинеди хабарда. Атап өтилиўинше, Россия-Украина темасы ҳәм Сирия кризиси ҳәр тәреплеме додаланған.

«Эрдоған Түркия менен шегаралас аймақларды, атап айтқанда Тель-Рифат ҳәм Манбижадан барлық терроршы шөлкемлерден тазалаў зәрүрлиги бойынша анық илажлар көриўге шақырды. Сондай-ақ, Сирияда анық нәтийжелерге ерисиў ушын режим конструктив болыўы ҳәм сиясий процессте айырым қәдемлерди  қойыўы керек екенлигин», атап өтти.

ӨзА