2023-жылдың январь айының биринши он күнлигинде Өзбекстан бойлап «Жаслар туризми ҳәптелиги» өткерилмекте. Усы ҳәптелик шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги тәрепинен оқыўшылар ушын саяхат шөлкемлестирилди.
Президентимиздиң 2022-жылдың 30-апрельдеги «Ишки туризм хызметлерин диверсификациялаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық шөлкемлестирилип атырған бул ҳәптеликтен гөзленген мақсет дем алыс ўақтында дыққатқа ылайықлы орынларға мәўсимлик жеңилликли туристлик пакетлери тийкарында, жоқары оқыў орынларының студентлери, мектеп оқыўшылары, мәҳәллелердеги халық ҳәм жаслардың саяхатларын шөлкемлестириў, майыплығы болған жаслардың саяхат етиўи ушын зәрүрли илажларды әмелге асырыўдан ибарат.
Қала ҳәм районлардың 50 ге шамалас мектеп оқыўшылары музейлерге, тарийхый естеликлер ҳәм мәдений мийрас объектлерине саяхат етти.
Мағлыўмат ушын, ҳәптелик даўамында «Жаслар туризми кәрўаны» ҳәм «Арал туризми» ҳәптелиги өткерилиўи режелестирилген. Ҳәптелик шеңберинде бир қатар жеңилликлер, автобус, авиа ҳәм темир жол билетлерине шегирмелер белгиленген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги