Алдын хабар бергенимиздей, бүгин, яғный 17-март күни пайтахтымыз Нөкис қаласында Таслақ елаты тәрептеги киши айланба жолдан орайлық амфитеатрға шекемги 21 километр аралықта “Жаслар марафоны” болып өтти.

Оған билимлендириў мәкемелеринде оқып атырған ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларындағы шөлкемлеспеген жаслар қатнасты.

Марафон жеңимпазлары ҳаққында кейинирек толық мағлыўмат берип өтемиз.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.