Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Түркий тиллер факультети қарақалпақ тили кафедрасының шөлкемлестириўи менен Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен илим ғайраткери, филология илимлериниң докторы, профессор Досжанбай Насыровтың 95 жыллығына арналған «Ана тилиниң ҳақыйқый жанкүйери» атамасындағы илимий семинар болып өтти.
Илажға республикамыздағы жоқары оқыў орынлары, илимий-изертлеў орайларынан филолог алымлар, профессорлар, факультет профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлер қатнасты.
1949-жылы Москва қаласындағы Н.Я.Марр атындағы Тил институтының аспирантурасына оқыўға кирген Досжанбай Насыров 1955-жылы кандидатлық, 1977-жылы докторлық диссертацияларын табыслы қорғап шықты. 1954-1955-жыллары ол Өзбекстан Илимлер Академиясы Қарақалпақстан филиалының Тил ҳәм әдебият бөлиминиң баслығы, соның менен қатар, Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтында оқытыўшы болып жумыс иследи. 1955-1959-жылларда пединститут директорының орынбасары, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты кафедрасының баслығы лаўазымларында әдиўли мийнет етти.
Ол 1957-жылы қабыл етилген қарақалпақ әлипбесин дүзиўге қатнасып, алдынғы әлипбени жетилистириў арқалы ә, ө, ү, ң, ў ҳәриплерин қосты. Сондай-ақ, орфографиялық сөзликлерди дүзиўге белсене қатнасты. Профессор Досжанбай Насыровтың қәнигелер менен биргеликте дүзген «Русша-қарақалпақша лингвистикалық терминлер сөзлиги» қарақалпақ тилиндеги лингвистикалық терминлерди бир изге салыў және унификациялаўда үлкен әҳмийетке ийе болды.
Соның менен бирге, қарақалпақ тилиниң тарийхы ҳәм диалектологиясы бойынша баҳалы изертлеўлерди алып барды. Илимпаз тәрепинен қарақалпақ әдебий тилине басқа тиллердиң тәсирине ушырамаған арқа диалект тийкар етип алынды.
Алымның қәлеминен қарақалпақ тилиниң тарийхы, диалектологиясы, жазыўы, лексикологиясы, грамматикасы, фонетикасы, ономастика, терминология ҳәм т.б. тараўлары бойынша 140 тан аслам атамадағы илимий мийнетлер дөрелди.
Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты бойынша илимий дәрежелер бериўши қәнигелестирилген илимий кеңестиң шөлкемлестирилиўинде профессор Досжанбай Насыровтың хызметлери үлкен.
Ол өзиниң көп жыллық илимий-педагогикалық хызмети дәўиринде республикамызда жоқары қәнигели илимий кадрларды таярлаўға үлкен үлес қосып, 11 илимпаздың кандидатлық диссертациясына илимий басшылық етти. Академик А.Дәўлетов, профессор А.Айымбетовлардың диссертациялық жумысларына консультант болды.
Илимий семинарда филология илимлериниң докторы, доцент Алима Пирниязова, филология илимлериниң докторы, профессор Юлдаш Ибрагимов, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы үлкен оқытыўшысы, филология илимлериниң кандидаты Амангүл Пирекеева, филология илимлериниң кандидаты, доцент Мария Бекбергенова, филология илимлериниң кандидаты, доцент Саодат Шынназаровалар сөзге шығып, илимпаздың өмири ҳәм илимий мийраслары ҳаққында жыйналғанларға толық мағлыўматлар берди.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.