Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейиниң, Қарақалпақстан Республикасы Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлигиниң, бир қатар мийманханалардың  жуўапкер ўәкиллери шет тиллери факультетиниң «Гид ҳәм аўдарма хызмети» тәлим бағдары студентлери менен ушырасып, жумысқа орналасыў бойынша өзлериниң мәсләҳәтлерин берди.

Онда жумыс бериўши кәрхана ҳәм мәкемелердиң баслықлары, хызметкерлери студент-жасларға жумысқа орналасыўдың шәртлери, талаплары ҳаққында мағлыўмат берип, олардың қызықтырған сораўларына жуўап берди.

– Шет тиллери факультети студентлери менен болған ушырасыўда Қарақалпақстан аймағында туризмди раўажландырыў, тарийхымыз ҳәм мәдениятымызды үйрениў ҳаққында сәўбетлестик, -дейди И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи археология бөлими баслығы О.Доспанов. – Бул бағдарда оқып атырған студент-жаслардың келешекте муғаллимшиликтен басқа да бағдарларда өзлерине қәнигелик таңлап алыўына, жумысқа орналасыўына жол көрсетиўди мақсет еткен едик. Мысалы, музейден келген ўәкил сыпатында шет тиллерин жақсы билетуғын қәнигелерди, гидлерди таңлап алыўға итибар қаратыўымыз керек. Музейимизде көркем өнерди, этнографияны, тарийхты, археологияны изертлейтуғын ҳәр қыйлы бөлимлер бар. Бул бөлимлерде тиллерди билетуғын қәнигелерге мүтәжлик бар. Университетте теориялық билим алып атырған студентлерде әмелий көнликпелерди қәлиплестириў, келешекте жақсы қәниге болып шығыўына түртки бериў ушырасыўдан гөзленген мақсетимиз еди. Мақсетимизге еристик, деген үмиттемиз.

– Бул илаж «Гид ҳәм аўдармашылық хызмети» тәлим бағдарын быйыл питкеретуғын 50 ге шамалас студентлерди жумыс пенен тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе болды, -дейди Аўдарма теориясы ҳәм әмелияты кафедрасы баслығы Ж.Сейтжанов. –Жумыс бериўшилердиң пикир-усыныслары тәлим бағдары оқыў режелерине киргизилип, оқыў бағдарламалары ислеп шығылады. Бундай ушырасыўлар олар менен университетимиз арасындағы бирге ислесиўдиң және де беккемлениўине хызмет етеди.


Қарақалпақстан хабар агентлиги