Президент Администрациясы басшысы Сардор Умурзақовтың басшылығында энергетика системасын тәртипке салыў, халық ҳәм экономика тармақларын энергия ресурслары менен турақлы тәмийинлеў мәселелери бойынша Республикалық штабтың гезектеги мәжилиси болды.
Мәжилисте газ ҳәм электр машқаласы бойынша нызамбузыўшылыққа жол қойғанларға кескин илажлар көрилип атырғаны айтылды.
Атап айтқанда, Администрация басшысы Сардор Умурзақов нызамбузылыўына ҳәм жуўапкершиликсизликке жол қойған тараў басшыларынан айырымларына жынаят иси қозғатылғаны ҳәм қамаққа алынғанын мәлим етти.
Сондай-ақ, Республикалық штабтың мәжилисинде энергия ресурслары менен тәмийинлеў тараўында анықланған нызамбузылыў жағдайлары бойынша Бас прокурор Ниғматилла Йўлдошев айырым мағлыўматларды ашық атап өтти.
Бас пркокурордың мәлим етиўинше, «Аймақгазтәмийнат» АЖның Ташкент ўәлаяты бойынша қурамлық бөлими болған «Аймақгаз Ташкент» филиалы директоры Музаффар Алиевқа жынаят иси ашылған ҳәм қәўипсизлик илажы сыпатында қамаққа алынған.
Сондай-ақ, Бас прокурордың мәлим етиўинше, «Янгийўл районгаз» басшысы Умид Тўйчиев ҳәм «Гүлистан районлық электр тармақлары кәрханасы»ның бурынғы басшысы Фурқан Шодмонқуловқа да жынаят иси ашылып, қәўипсизлик илажы сыпатында қамаққа алынған.
«Егер басқа аймақлардағы жуўапкерлер де буннан дурыс жуўмақ шығармаса ҳәм нызам бузылыў жағдайларына жол қойса, оларға да, әлбетте, усындай жынаят иси қозғатылады», деди Сардор Умурзақов.
Мәмлекетимизде энергетика системасын тәртипке салыў бойынша кемшиликлер ҳәм жуўапкершиликсизликке жол қойған жуўапкерлер ескертилмекте.
ӨзА