Аўыл хожалығы қосымша имканиятларға бай тараў болып, турмысымыздың абаданлығы, әсиресе, базарларымыздың толы болыўы көбинесе усы тараўға байланыслы.  Соңғы жылларда усы тараўға үлкен кеўил бөлинип, аграр хожалығын түп-тийкарынан реформалаў ҳәм оны базар талапларына бейимлестириў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Дийқан фермерлеримиздиң жумыслары бәрқулла дыққат-итибарда.

Берунийли фермер Махсуд Примбетов та фермерлик пенен шуғылланып келмекте. Оның «Мақсет тока» фермер хожалығы көп тармақлы фермер хожалық болып, тийкарынан пал, гүл, лимон жетистириў ҳәм бағшылыққа қәнигелескен.

Халық депутатлары Беруний районлық Кеңесиниң депутаты Р.Юлдашева Аўыл хожалығы хызметкерлери күни мүнәсибети менен оның шаңарағында болып, фермердиң жумыслары менен танысты. Сәўбетлесип, мүражатлерин тыңлады.

– Жерди бақсаң ол сени бағады, дегениндей, фермер хожалығымның арқасында 5 перзентимди жоқары мағлыўматлы, үйли-жайлы еттим. 14 ақлығым бар. Өнимлеримиздиң аўысып қалғанын базарға шығараман,-дейди М.Примбетов.

Хожалығымның жанында үлкен парниклерим де бар. Жумысларымызды еле де кеңейтиў нийетим бар.

Президентимиздиң Өзбекстан аўыл хожалығы хызметкерлерине қутлықлаўында атап өтилгениндей, пүткил дүньяда климат өзгерип, жер ҳәм суў ресурсларында ҳәр қыйлы машқалалар көбейип атырған ҳәзирги ўақытта ҳақыйқый сабыр-тақатлылық, жумыстың ебин табатуғын пазыйлетлерди көрсетип, барлық аўыл хожалығы егинлеринен мол зүрәәт жетистирип киятырған бундай инсанлар, әлбетте, жоқары ҳүрмет ҳәм мақтаўға ылайық.

Шынында да, елимиздиң дастурханының толы болыўы аўыл хожалығында мийнет етип атырған усындай инсанлар, мийнеткеш дийқан ҳәм фермерлеримиздиң арқасынан екенлигин атап өтиўимиз керек.

Байрам мүнәсибети менен фермерге естелик саўғалар тапсырылды.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги