Елимизде 3-декабрь – Халықаралық майыплар күни сыпатында кең түрде белгиленип, бул күни тийисли министрликлер, шөлкемлер, мәкемелер ҳәм пуқаралар тәрепинен ҳәр қыйлы қайырқомлық илажлар әмелге асырылады.
Буннан гөзленген тийкарғы мақсет – жәмийет турмысының барлық тараўларында майыплығы бар инсанлардың ҳуқықларын қорғаў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, олардың машқалаларына кең жәмийетшиликтиң итибарын тартыўдан ибарат.
Бундай илажларға депутатлар да өз үлесин қоспақта.
Усы сәне мүнәсибети менен Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң депутаты Тамара Палўаниязова да районлық ХББ не қараслы 5-санлы улыўма билим бериў мектебинде үй шараятында билим алып атырған оқыўшылардың жағдайларынан хабар алды. Олар менен сәўбетлесип, байрам саўғаларын тапсырды.
Орынларда усы бағдардағы қайырқомлық илажлары даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги