Ҳәр жылы жаңа жыл алдынан пиротехника қуралларының саўдасы ҳәўиж алып, әсиресе, бул жас балалардың қәўипсиз жүриўине ҳәм денсаўлығына зыян тийгизетуғын ақыбетлерге алып келеди. Сонлықтан, ҳәр жылы жаңа жыл кирип келиўи алдынан усындай унамсыз ҳәдийселер жүз бериўиниң алдын алыў мақсетинде тийисли ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен бир қатар арнаўлы илажлар әмелге асырылып келинбекте.

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының контрабандаға қарсы гүресиў бөлими хызметкерлери тәрепинен тийисли ҳуқық қорғаў уйымлары менен биргеликте ҳәзирги ўақытта пиротехника қуралларының нызамсыз айланысының алдын алыўға қаратылған илажлар әмелге асырылмақта.

Жақында, Нөкис қаласында өткерилген оператив илажлардың биринде алдыннан бақлаўға алынған пуқара гүман туўдырғанлығы себепли қалыслардың қатнасыўында көзден өткерилгенинде, онда сырт елде ислеп шығарылған жәми 2200 дана «Британик» ҳәм «Трения» пиротехникалық қураллары бар екенлиги анықланды.

Хожели районы Айбек көшесинде өткерилген гезектеги оператив илаж даўамында алдыннан бақлаўға алынған пуқара «шәртли қарыйдар»ға сырт елде ислеп шығарылған 1200 дана «Британик» пиротехника қуралларын сатып атырған ўақтында иркилди.

Ал, Нөкис районындағы дүканлардың бири жанында өткерилген оператив илаж ўақтында бақлаўға алынған пуқарада 780 дана «Британик» пиротехника қуралы бар екенлиги анықланды.

Ҳәзирги ўақытта усы анықланған фактлер бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен тергеўге шекемги сорастырыў жумыслары алып барылмақта.


Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги