Нөкис гарнизонының Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайында Қарақалпақстан Республикасының «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилгениниң 33 жыллығына бағышланған «Тарийхымсаң, тәғдиримсең, келешегимсең-ана тилим» атамасында мәдений-ағартыўшылық илажы болып өтти.
Онда Нөкис әскерий прокуратурасының хызметкерлери, Қураллы Күшлердиң ветеранлары, жазыўшы-шайырлар, жоқары оқыў орынларының оқытыўшылары, оқыўшы-жаслар ҳәм әскерий хызметкерлер қатнасты.
Илажда Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының оқытыўшысы Қ.Мәмбетов, шайыр Ж.Өтениязов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жыйналғанларды қарақалпақ тил байрамы менен қутлықлады ҳәм оның тарийхына, қәлиплесиў басқышларына, ҳуқықый тийкарларына тоқтап өтти.
1989-жылдың 1-декабрь күни қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилди. Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының Конституцияларында қарақалпақ тили мәмлекетлик тил етип белгиленди.
Илажда қарақалпақ тилине, мәдениятына ҳәм тарийхына айрықша ҳүрмет көрсетилди. Атап айтқанда, әскерий оркестр жәмәәтиниң концерти, Ишки ислер министрлиги Нөкис «Темурбеклер мектеби» әскерий академиялық лицейи, Нөкис қаласындағы Президент мектеби ҳәм 44-санлы улыўма билим бериў мектеби оқыўшыларының қарақалпақ тилине арналған көркем шығыўлары бәршеге көтериңкилик бағышлады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги