Бас прокуратура тәрепинен Президентимиздиң 2022-жыл 11-ноябрьдеги «2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплекли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша системалы қадағалаў орнатылған.
Бул талаплардан келип шығып, Бас прокуратура тәрепинен инвестиция жойбарларының басламашыларын қоллап-қуўатлаў, оларға әмелий жәрдем көрсетиў мақсетинде райондағы исбилерменлик субъектлери менен ушырасыў өткерилип, әмелге асырылып атырған жойбарлар орынларға шыққан ҳалда үйренилди.
Илажда районда жумыс алып барып атырған елиўден аслам исбилерменлик субъекти қатнасты. Олар тәрппинен билдирилген оннан аслам мүрәжат сол жердиң өзинде қанаатландырылды. Жигирмаға тийисли мәмлекетлик уйымлардың басшыларына көрип шығыў ушын тийисли көрсетпе берилип, олардың орынланыўы қадағалаўға алынды.
Районда жоқарыда атап өтилген қарар тийкарында аймақлық инвестиция бағдарламалары есабынан 2022-2023-жылларда улыўма баҳасы 225,3 миллиард сумлық 30 инвестициялық жойбарды әмелге асырыў режелестирилген. Соннан бүгинги күни 6 жойбар толық иске түсирилди. Атап айтқанда, «Мойнақ ЛДСП» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен қамыстан ДСП ислеп шығарыў бойынша ири жойбардың иске түсирилиўи нәтийжесинде 230 адам жумыс пенен тәмийинленди.
Районда исбилерменлик орталығын жақсылаў, исбилерменлик субъектлерине жаңа имканиятлар жаратыў, олардың жумысында ушырасып атырған машқалаларды сапластырыў бойынша жумыслар даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги